Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:52:51, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУДЛАР ХЫЗМЕТИ ЖӘМИЙЕТШИЛИК ДЫҚҚАТЫНДА

Елимизде әмелге асырылып атырған суд ҳуқық тараўындағы өзгерислердиң мазмун-әҳмийети, мақсети, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери, олардың нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўдың ең әҳмийетли кепиллиги сыпатында суд ҳәкимиятының абыра­йын және де беккемлеў, судлардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў, оны ҳақыйқый әдиллик қорғанына айландырыў, күшли пуқаралық жәмийетин пайда етиўдеги орны ҳәм ролин күшейтиўден ибарат.

Президентимиздиң «Суд ҳуқық системасын және де жетилистириў ҳәм суд ҳәки­мияты уйымларына исенимди асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 13-июльдеги Пәрманы ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм терең ойланған идеяларға тийкарланып, тараўдың абырайын асырыў, судларды қәнигелестириў менен бирге халық, оның тәғдири, ҳуқық ҳәм мәплерин нызамлы қорғаўдың жоқары көриниси болды.

Пәрманның 1-бәнтине муўапық, судлар искерлиги ҳаққында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен баспасөз конференцияларын өткериў жолға қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы Халық қабыллаўханасының мәжилислер залында пәрманның орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилген илажға кең жәмийетшилик ўәкиллери, мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды баслығы Г.Базарбаева, Пуқаралық ислери бойынша суды баслығы К.Тарийхов, Ҳәкимшилик ислери бо­йынша суды баслығы А.Адилов, Экономикалық суды баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Г.Зариповалар өткен 9 айдың жуўмағы бойынша нызамға тийкарланып әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарында мәлимлемелер берди.

Илаж сораў-жуўаплар менен жуўмақланды.

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF