Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:24:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИМПОРТТЫ ОПТИМАЛЛАСТЫРЫЎ ҲӘМ ЭКСПОРТТЫ ХОШАМЕТЛЕЎ ­ ЭКОНОМИКА ТУРАҚЛЫЛЫҒЫНЫҢ ТИЙКАРЫ

Бүгинги күнде мәмлекетимиз экономикасын турақластырыў бойынша зәрүр реформалар әмелге асырылмақта. Бәсекиге турақлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм де оларды экспортқа жибериў ушын зәрүр шараят ҳәм имканиятлар жаратылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен экспортты көбейтиў ҳәм импортты қысқартыў бо­йынша қойылған ўазыйпалар орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасында системалы ислер әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Республикамыз аймағына көп муғдарда импорт етилип атырған айырым түрдеги өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў илажларын көриў ҳәм бул  тараўда пайда болған тосықлар, жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм де усынысларды қәлиплес­тириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бо­йынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсетиўши хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас бас­қармасы, Мәмлекетлик салық ҳәм бажыхана басқармалары жуўаплы хызметкерлеринен ибарат исши топар дүзилген.

Исши топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик хызмети менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери, сол қатарда ислеп шығарыўшы ҳәм импорт етиўши кәрханалар баслықлары менен турақлы рәўиште ушырасыўлар өткерилмекте.

Нәўбеттеги усы темада өткерилген ушырасыўларда 10 ислеп шығарыўшы исбилерменлерге импорт орнын басыўшы өнимлер көлеми, сапасы ҳәм бәсекиге турақлылығын асырыў, көп импорт етилип атырған товарларды мәмлекетимизде ислеп шығарыў бо­йынша олардың алдағы хызметинде зәрүр болған әмелий усыныслар берилди.

Соның менен бирге, импортты әмелге асырыўшы 12 исбилерменлер менен ушырасыўлар өткерилип, сырт­тан импорт етилген товарларды мәмлекетимизде ислеп шығарыў хызметин жолға қойыў, оларды әмелге асырыў бойынша тийисли усыныслар берилди ҳәм олардың усыныслары тыңланды.

Өткерилген ушырасыўларда Республикамызға әсиресе, азық-аўқат өнимлеринен май, сүт, сыр ҳәм макорон өнимлери ҳәм азық-аўқат емес өнимлеринен музлатқыш, суўытқыш, кир жуўыў машиналары, жуўыў ҳәм тазалаў қураллары импорт етип атырғанлығынан келип шығып, усы тараўларда хызмет көрсетиўши исбилерменлерге жергиликли ислеп шығарыўды раўажландырыў бойынша анық жойбарларды әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме көмек берилиўи белгиленди.

Исбилерменлик субъектлери менен өткерилген ушырасыўлар даўамында кәрханалар баслықларына жергиликли ислеп шығарыў көлемлерин көбейтиў, өнимлер түрлерин ҳәм кооперацион байланысларды кеңейтиў, өнимлер, товарлар ҳәм хызметлер импортын оптималластырыў бойынша түсиниклер берилип, машқалалары тыңланды ҳәм олардың айырымлары исши топар ҳәм тийисли мәкемелер менен биргеликте орынларда шешилиўи тәмийинленбекте.

 

А.КАМАЛОВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик

субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил администрациясының

Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсетиўши жетекши инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF