2030-ЖЫЛҒА ШЕКЕМГИ ДӘЎИРДЕ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ ҚОРШАҒАН ОРТАЛЫҚТЫ ҚОРҒАЎ КОНЦЕПЦИЯСЫН ТАСТЫЙЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, санитариялық ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўды тәмийинлеў тараўында үзликсиз жумыслар алып барылмақта.
Соның менен бирге, бул бойынша өткерилген таллаўдың нәтийжелери қоршаған орталықты қорғаў тараўында мәмлекетлик функцияларды әмелге асырыўда комплексли көзқарас ҳәм стратегиялық режелестириўдиң жоқ екенлиги, сондай-ақ, қойылған ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў ушын тәбиятты қорғаў уйымының ўәкилликлери жетерли емес екенлигинен дәрек береди.
Қоршаған орталықты қорғаў тараўында мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарларын белгилеў, тәбиятты қорғаў тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы профилактикасы, оларды анықлаў ҳәм алдын алыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў, республика елатлы пунктлериниң санитариялық ҳәм экологиялық жағдайы ушын мәмлекетлик уйымлардың, хожалық жүргизиўши субъектлер басшыларының ҳәм пуқаралардың жеке жуўапкершилигин күшейтиў, сондай-ақ, 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиўди тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
а) 2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының Қоршаған орталықты қорғаў концепциясы (кейинги орынларда — Концепция) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм онда төмендеги илажлар нәзерде тутылсын:
қоршаған орталық объектлерин (атмосфера ҳаўасы, суў, жер, топырақ, жер асты, биокөптүрлилик, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар) антропоген тәсир және басқа да унамсыз тәсир көрсететуғын факторлардан сақлаў ҳәм сапасын тәмийинлеў;
экологиялық жақтан ең аз қәўип туўдыратуғын материаллардан, өнимлерден, өндирис объектлери ҳәм басқа да объектлерден әҳмийетли дәрежеде пайдаланыў;
қорғалатуғын тәбийғый аймақларды кеңейтиў;
зәҳәрли химиялық ҳәм радиоактив элементлерден экологиялық қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў;
шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўдың экологиялық қәўипсиз системасын жетилистириў;
халықтың экологиялық мәдениятын қәлиплестириў, қоршаған орталықты қорғаў тараўында мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығын арттырыў ҳәм пуқаралық жәмийетиниң ролин күшейтиў;
б) 2030-жылға шекемги дәўирде Өзбекстан Республикасының Қоршаған орталықты қорғаў концепциясын 2019-2021-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда-«Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Концепция ерисилген нәтийжелер, мақсетли көрсеткишлер ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша тийисли дәўирге мөлшерленген тийкарғы бағдарлардан келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен үш жыл мүддетке өз алдына тастыйықланатуғын «Жол карталары» тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылады.
- Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда — Мәмлекетлик экология комитети):
2021-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте «Жол картасын» әмелге асырыў жуўмақларын пуқта үйрениў тийкарында кейиинги дәўирге мөлшерленген «Жол картасы» жойбарының ислеп шығылыўын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизилиўин тәмийинлесин;
«Жол карталары» әмелге асырылыўы бойынша тәсиршең мониторинг жүргизсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары — транспорт министри А.Ж.Раматовқа — Концепция ҳәм «Жол картасын» әмелге асырыў шеңберинде жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў бойынша;
Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Т.Қўчқоровқа — Концепцияның мақсетли көрсеткишлерине ерисиў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Мәмлекетлик экология комитети, Өзбекстан Экологиялық партиясы ҳәм жәмийетшиликтиң мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын тереклер ҳәм шақалардың баҳалы сортларының кесилиўине мораторий (кейинги орынларда — мораторий) енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
а) мораторий 2019-жыл 1-ноябрьден 2020-жыл 31-декабрьге шекем әмел ететуғыны;
б) мораторийдиң әмел етиў дәўиринде ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын тереклер ҳәм шақалардың баҳалы сортларының кесилиўине рухсатнама бериў қадаған етилетуғыны, усы бәнтте белгиленген ҳалатлардың буған кирмейтуғыны;
в) мораторий:
тәбийғый факторлар ҳәм зыянкеслер, өсимликлер кеселликлери тәсиринде зыянланған, қуўрап атырған ямаса қуўрап қалған, сондай-ақ, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүлкине қәўип туўдыратуғын тереклер ҳәм шақаларды санитариялық кесиў ҳәм қырқыўға;
ағаш ҳәм мийўелерди алыў ушын өсирилип атырған тереклер және шақаларды (терек ҳәм тез өсетуғын басқа да сортлар, тут плантациялары, мийўели тереклер ҳәм шақалар) кесиўге;
плантацияларда өсирилип атырған ҳәм ямаса юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мүлки есапланған тереклер ҳәм шақаларды кесиўге енгизилмейтуғыны белгилеп қойылсын.
Министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, хожалық басқарыўшы ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары объектлерди қурыў ҳәм қурыўды жойбарластырыў ушын жер майданларын таңлаў ҳәм ажыратыў басқышында, сондай-ақ, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын (электр, газ ҳәм суў тәмийнаты, канализация, темир жол және автомобиль жоллары ҳәм басқалар) қурыўда, соның ишинде, тереклер ҳәм шақаларды көширип өткериў әмелиятын қолланыў арқалы олардың сақлап қалыныўын қатаң түрде тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тереклер ҳәм шақаларды қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша, соның ишинде, тереклер ҳәм шақаларды нызамсыз түрде кесиў, оларға зыян жеткериў ямаса жоқ етиў ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын комплексли шөлкемлескен ҳуқықый илажларды еки ҳәпте мүддетте тастыйықласын.
Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети Мәмлекетлик экология комитети ҳәм «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте халық көркем өнерментшилиги ҳәм әмелий көркем өнер өнимлерин ислеп шығаратуғын өнерментлерди ағаш, соның ишинде тереклердиң баҳалы сортларынан алынған ағаш пенен тәмийинлеў бойынша бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Мәмлекетлик экология комитети 2020-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте тереклер ҳәм шақаларды қорғаў бойынша әмелге асырылған илажлардың нәтийжелилигинен келип шыққан ҳалда, мораторийдиң әмел етиўин созыў мақсетке муўапық екенлиги бойынша усыныс киргизсин.
- Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес Мәмлекетлик экология комитети менен биргеликте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын тартқан ҳалда, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комиссиялары тәрепинен жасыл терекликлерди санитариялық қырқыў ҳәм кесиўде, сондай-ақ, оларды қайта ислеў ҳәм шығындыларын утилизациялаў, соның ишинде, ағашлардан коммерциялық мақсетте пайдаланыўда экологиялық талапларға әмел етиў бойынша қадағалаўдың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан жаслар аўқамының Өзбекстан Экологиялық партиясы менен биргеликте жасларда қоршаған орталыққа болған абайлы түрде қатнас жасаўды қәлиплестириў, тәбиятты сақлаў, ҳаўа, суў ҳәм топырақтың патасланыўына, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясына зыян жеткерилиўине жол қоймаўға қаратылған экологиялық акцияларды шөлкемлестириў;
«Жәмийетлик пикир» жәмийетлик пикирди үйрениў республикалық орайының қоршаған орталықты қорғаўдың әҳмийетли мәселелери бойынша жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў бойынша жылына ең кеминде бир мәрте социаллық изертлеўлерди өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- 2019-жыл 1-ноябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы, ўәлаятлар және Ташкент қаласы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў басқармаларының баслықлары ҳәр жылы аймақта қоршаған орталықты қорғаўдың жағдайы ҳаққында тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине есап береди;
экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында қадағалаў бойынша районлық (қалалық) инспекциялардың баслықлары ҳәр жылы районда (қалада) қоршаған орталықты қорғаўдың жағдайы ҳаққында тийисли түрде халық депутатлары районлық (қалалық) кеңеслерине есап береди.
- 2019-жыл 1-ноябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Мәмлекетлик экология комитетиниң мәмлекетлик инспекторлары төмендеги жағдайлар анықланғанда оператив қадағалаў илажларын қадағалаў уйымларының жумысын муўапықластырыўшы ўәкилликли уйым менен алдын ала келиспей турып, өткерилген тексериў ҳаққында Тексериўшилерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасынан дизимнен өткериў арқалы тексериў басланған ўақыттан баслап жигирма төрт саат ишинде ўәкилликли уйымды мәжбүрий түрде хабардар еткен ҳалда әмелге асырадыF
жаныўшы затлар ҳәм қурылыс материалларын бир жерге топлаў ямаса ашық өртте жағыўда атмосфераның ҳаўасын қорғаў бойынша талапларға әмел етпеў;
атызлар ҳәм елатлы пунктлерде арнаўлы техникалық қуралларды қолланбай битумди еритиў, сабанды, төгилген жапырақларды ҳәм теректиң шақаларын ямаса басқа да өсимлик қалдықларын жағыў;
ақаба суўларды орын рельефине ямаса ашық бассейнлерге, сондай-ақ, коммуналлық-канализация системасына нормадан артық ямаса рухсатсыз ағызыў;
тәбийғый суў объектлеринен суўдан арнаўлы пайдаланыў ямаса суўды тутыныўға рухсатнамасыз суў алыў;
тереклерди нызамсыз түрде кесиў, жабайы ҳалатта өсетуғын өсимликлерди жыйнаў ҳәм таярлаў ямаса жоқ етиў, жабайы ҳайўанларды (соның ишинде, балықты) аўлаў ямаса қолға киргизиў;
шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўында нызам ҳүжжетлериниң талапларына бойсынбаў;
дәрьялар, жаплар, киши дәрья ҳәм көллердиң анғарлары ҳәм суўды қорғаў зоналарын тазалаў, сондай-ақ, олардың жағаларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыўда нызам ҳүжжетлерине бойсынбаў.
- Төмендегилер:
2020-жыл 1-январьдан баслап «Евро-4»тен төмен экологиялық категориядағы мотор жанылғысын ислеп шығарыў бойынша жаңа қуўатлықларды иске түсириў;
2022-жыл 1-январьдан баслап «Евро-3»тен төмен экологиялық категориядағы мотор жанылғысын, 2023-жыл 1-январьдан баслап болса «Евро-4»тен төмен экологиялық категориядағы мотор жанылғысын «ўақытша алып келиў» ҳәм «еркин айланыс (импорт) ушын шығарыў» бажыхана режимине жайластырыў;
2022-жыл 1-январьдан баслап зәҳәрлилик дәрежеси «Евро-4» экологиялық категория талапларына сәйкес келмейтуғын газ, бензин ҳәм дизел двигательлери менен үскенеленген «М» ҳәм «N» категорияларындағы дөңгелекли транспорт қуралларынан пайдаланыў ҳәм оларды сатыў мақсетинде «ўақытша алып келиў» ҳәм «еркин айланыс (импорт) ушын шығарыў» бажыхана режимине жайластырыў қадаған етилсин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасына «М» ҳәм «N» категорияларындағы дөңгелекли жаңа транспорт қуралларының экологиялық категория талапларына муўапық екенлигин экологиялық сертификатлаў тәртибин еки ай мүддетте тастыйықласын.
- Мәмлекетлик экология комитетиниң жабайы ҳайўанларды аўлаўға ҳәм өсимликлер дүньясының объектлеринен арнаўлы пайдаланыўға рухсатнамалар бериў бойынша өз ўәкилликлерин Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў басқармаларына бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Мәмлекетлик экология комитети:
а) үш ай мүддетте төмендегилерди ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:
мәмлекетлик экологиялық экспертизасы өткерилгенге шекем, қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўдиң I ҳәм II категорияларына тийисли (жоқары ҳәм орташа қәўип-қәтер) жумысының мөлшерленип атырған түрлери бойынша қоршаған орталыққа тәсирди баҳалаў жойбарларының мәжбүрий жәмийетшилик додалаўларды ҳәм тыңлаўларды өткериў тәртибин;
қоршаған орталыққа тәсир көрсетиўдиң I ҳәм II категорияларына тийисли (жоқары ҳәм орташа қәўип-қәтер) жумыс түрлери менен шуғылланатуғын хожалық жүргизиўши субъектлерди тазалаў имаратлары менен тәмийинленгенлиги, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине муўапық оларды мәжбүрий орнатыў илажларының әмелге асырылғанлығы бойынша хатлаўдан өткериў ҳаққындағы усынысларды;
б) дөңгелекли транспорт қуралларын ислеп шығарыўда «Евро-4»тен төмен болмаған талапларды орынлаў бойынша дөңгелекли транспорт қуралларын экспорт етиўши мәмлекетлердиң нызам ҳүжжетлерин идентификациялаў ямаса мүрәжат етиўшилер тәрепинен усынылған, усы дөңгелекли транспорт қуралларының зәҳәрли элементлер шығарыў дәрежеси бойынша «Евро-4»тен төмен болмаған экологиялық категория талапларына муўапық екенлигин тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер тийкарында Өзбекстан Республикасына алып келинетуғын, газ, бензин ҳәм дизел двигательлери менен үскенеленген «М» ҳәм «N» категорияларындағы жаңа дөңгелекли транспорт қураллары ушын экологиялық сертификатлар бериў шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;
«Өзстандарт» агентлиги «Өзавтосанаат» АЖ, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем мәмлекетлик экология комитети жанындағы «Мәмлекетлик экологиялық сертификатластырыў ҳәм стандартластырыў орайы» МУК тийкарында дөңгелекли транспорт қуралларының экологиялық категориясын анықлаў бойынша заманагөй лаборатория комплексин шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;
в) халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, сондай-ақ, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў және шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў тараўындағы ҳуқық бузарлықлардың алдын алыўға айрықша итибар қаратқан ҳалда кең көлемли үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў жумысларын күшейтсин;
г) Экономика ҳәм санаат министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Шығындылар ҳаққында» жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Нызамының жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:
бес қәўип-қәтер категориясы системасы орнына санаат тармақлары ҳәм ямаса химия-физика параметрлери тийкарында шығындыларды классификациялаў системасын енгизиў;
өндиристе шығындысыз ҳәм шығындылы технологияларды, сондай-ақ, кәншилик ҳәм қайта ислеў кәрханаларының шығындыларын қайта ислейтуғын технологияларды ислеп шығыў ҳәм енгизиўди экономикалық хошаметлеў;
санаат объектлеринде қәўипли шығындыларды экологиялық қәўипсиз сақлаўды шөлкемлестириўди тәмийинлеў;
өзиниң тутыныў қәсийетлерин жойытқан ҳәм қурамында қәўипли элементлер бар болған товарларды (сынаплы термометрлер, батарейкалар, қурамында сынап болған лампалар ҳәм басқалар) жыйнаў, пайдаланыў ҳәм ямаса зыянсызландырыў системасын шөлкемлестириў;
медициналық шығындыларды жыйнаў, зыянсызландырыў, утилизациялаў ҳәм көмип таслаў системасын шөлкемлестириў.
- Өзбекстан Республикаы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте киргизсин:
Мәмлекетлик экология комитети мәмлекетлик инспекторлардың тексериў өткериўине тосқынлық еткени, хожалық жүргизиўши субъектлердиң аймақлары ҳәм имаратларын көзден өткериўге жол қоймаўы ямаса олар тәрепинен хызмет миннетлемелерин орынлаўға басқаша түрде тосқынлық еткени, сондай-ақ, физикалық ямаса юридикалық шахслардың экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларының бузылыўын сапластырыў ҳаққындағы көрсетпелерди орынламағаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў;
экологиялық экспертиза уйымларын қайта шөлкемлестириў ҳәм оптималластырыў, қоршаған орталыққа тәсир етиўдиң IV категориясына тийисли (жергиликли тәсир) жумыс түрлери бойынша қоршаған орталыққа болған тәсирди баҳалаў материалларын әпиўайыластырылған түрде усыныў, ҳүжжетлерди тапсырыў ҳәм қабыл етиўдиң электрон системасын енгизиў, қоршаған орталыққа тәсир көрсететуғын жумыс түрлериниң дизимин қайта көрип шығыў.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы Пәрманнан келип шығатуғын ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде Мәмлекетлик экология комитетине Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, районлар (қалалар) экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында қадағалаў бойынша таллаў лабораторияларын ҳәм инспекцияларын бир арнаўлы автотранспорт пенен тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда, Мәмлекетлик экология комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 184 автотранспорт қуралларын сақлаў ушын қосымша лимит ажыратсын.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникация агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын, сондай-ақ, Концепция ҳәм «Жол картасы»ның әмелге асырылыўын сәўлелендириўге байланыслы мақалалар ҳәм темаға байланыслы телекөрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июльдеги ПП-5490-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасынан дизимнен өткериў арқалы ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде өткерилетуғын тексериўлер дизимине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Мәмлекетлик экология комитети Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 30-октябрь.