АЙРЫҚША ИЛАЖЛАР ӨТКЕРИЛДИ
Соңғы жыллары елимиз жасларының ҳәр тәреплеме зейинли, билимли болып қәлиплесиўинде, келешекте өзлери таңлаған кәсип сырларын үйренип, жәмийеттен өз орынларын таўып билиўи ушын республикамыздағы барлық орта билим бериў мектеплеринде ертеңги келешегимиз болған жасларымыздың билим алыўы, өнер ийелеўи ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.
Әлбетте, ҳәр бир инсан билим алып, өнер ийелеп, сол өнериниң, топлаған билиминиң арқасында бийик-бийик шыңларға көтерилиўди алдына мақсет етип қояды. Өз нәўбетинде өсип киятырған жасларымыз әсиресе, мектеп оқыўшыларының пәнлер бойынша бослықларын толтырыў, сабақларға қызығыўшылығын арттырыў ҳәм ҳәр бир пәнди терең өзлестириўге бағдарлаўда пән айлықларының орны айрықша болмақта.
Бизиң Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 26-санлы улыўма билим бериў мектебимизде октябрь айы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнлериниң айлығы деп белгиленип, айлық жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өткерилди. Пән айлығы шеңберинде оқыўшылар менен биргеликте көплеген илажлар әмелге асырылды. Мектебимизде де қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлери тәрепинен оқыўшылардың пәнлер бойынша билимлерин тереңлестириў мақсетинде пәнге байланыслы ис-режеге тийкарланып, ҳәр бир класста, тийкарғысы оқыўшылардың пәнге болған қызығыўшылығын еле де арттырыў ушын интерактив усыллардан пайдаланып, мазмунлы ашық сабақлар өтиўин тәмийинледик.
Сондай-ақ, 5-6-класс оқыўшылары арасында «Ертеклер елине сахсат» атамасында сүўрет салыў кешеси, «Сиз оны таныйсыз» атлы сүўретлер таңлаўы, 7 класстан 11-классқа дейинги оқыўшылар арасында болса «Жас әдебиятшылар» ҳәм «Ана тилим - миллет көрки» атамасындағы жарыс шөлкемлестирилип, бунда 8-класс оқыўшылар қарсыласларына қарағанда алықлаў келип жеңимпаз болды. Және де оқыўшылар менен бирге дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиўлер өткерилди.
Қулласы, пән айлығы шеңберинде өткерилген илажларда оқыўшылар белсенди қатнасты ҳәм олардың бул пәнлер бойынша билимлери және де беккемленди.
Д.АСАМАТДИНОВА,
Кегейли районлық ХББне қараслы 26-санлы мектептиң
қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.