ЭНЕРГИЯ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИН АРТТЫРЫЎ УШЫН
Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы»нда Өзбекстан Республикасында жумыс алып барып атырған энергия үнемлеўши технологияларды ислеп шығарыўға қәнигелескен «All Solar», «Mega trans energy», «Solar technology» қуяш ыссылық энергиясы ҳәм «Nukuselektroapparat» ҚК ЖШЖ кәрханалары ҳәм басқа да шөлкемлер арасында олардың өзлери ислеп шығарған электр үскенелери ҳәм технологияларының саўда ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, ярмарка шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 22-августтағы «Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыўдың тезлетилген илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша аймақлық комиссия ағзаларының кәрханалардың басшы хызметкерлери менен биргеликте дөгерек сәўбети болып өтти.
Илажда атап өтилгениндей, жоқарыдағы қарарға муўапық, қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлеси 2030-жылға барып электр энергиясын ислеп шығарыўдың улыўма көлеминиң 25 процентинен артады. Физикалық шахсларға қуяш фотоэлектрик станциялары, қуяш суў ысытқышлары, сондай-ақ, энергия нәтийжели газ-горелкалы қурылмаларды сатып алыў қәрежетлериниң 30 проценти муғдарында, бирақ, қуяш фотоэлектрик станциялары ушын 3 миллион сумнан, қуяш суў ысытқышлар ушын 1,5 миллион сумнан, газ-горелкалы қурылмалар ушын 200 мың сумнан аспайтуғын муғдарда компенсациялар усыныс етиледи.
Дөгерек сәўбетинде сондай-ақ, Энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў мәселелери бойынша аймақлық комиссия ағзалары энергия үнемлеўши технологиялардың өндирис ҳәм санаатта, турмыс хызметин көрсетиў тараўында қолланыўдың абзаллығы ҳәм нәтийжелилиги, жоқарыдағы қарар бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бойынша кең түрде түсиник ҳәм мағлыўмат берди. Бундай энергия үнемлеўши технологияларды енгизген ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин өзлеринде қолланған физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мәмлекет тәрепинен берилетуғын салық ҳәм кредит бойынша жеңилликлер ҳаққында түсиниклер берилди. Соның менен бирге, комиссия ағзалары илаж қатнасыўшыларын энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин өндиристе кеңнен қолланыўға ҳәм халықтың энергия ресурсынан пайдаланыў мәдениятын көтериўге шақырды.
Д.АЛЛИЯРОВ,
«Өзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы
аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.