Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:07:22, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЕКЕ  ШӘРТНАМАСЫНЫҢ  АБЗАЛЛЫҒЫ

Өзбекстан Республикасында Шаңарақ ҳаққындағы Нызам ҳүжжетлериниң ўазыйпалары шаңарақты беккемлеўден, шаңарақ мүнәсибетлерин өз-ара муҳаббат, исеним ҳәм ҳүрмет, бирлик, бир-бирине жәрдем бериў, жуўапкершилик сезими тийкарында қурыўдан, кимниңдур шаңарақ мәселелерине өзбасымшалық пенен араласыўына жол қоймаслық, өз ҳуқықларын тосқынлықсыз әмелге асырыўын ҳәм бул ҳуқықлардың қорғалыўын тәмийинлеўден ибарат.

Ҳәзирги күнде пуқаралық ислери бойынша судларда көрилип атырған ислердиң басым көпшилик муғдарын ерли-зайыплылардың некеден ажырасыў ҳаққындағы даўалары қурамақта. Яғный,Әмиўдәрья районы судында усы жылдың 9 айы даўамында бундай мазмундағы l67 даўалар келип түсти, 66 ис бойынша даўалар қанаатландырылды.

Ҳәммеге белгили, шаңарақ мүнәсибетлеринен келип шығатуғын даўлар дерлик барлық жағдайда бири-биринен келип шығатуғын басқа да даўлар менен байланысып кеткен болады. Яғный, ерли-зайыплылар ортасындағы улыўма мүлклерди бөлиў, жеке яки балалардың мүлклерин алып бериў, ҳәр бириниң жеке мүлклерин алып бериў, перзентлердиң кимниң тәрбиясында қалыўы мәселеси, ерли-зайыплылардың өз-ара ҳәм балалар ушын алимент мәселелери ҳәм тағы басқалар.

Усындай шаңарақ мүнәсибетлеринен келип шығатуғын көпшилик жағдайларда суд арқалы шешилетуғын тартыслар ­ бул ерли-зайыплылардың ортасындағы мүлклик даўлар. Тилекке қарсы, бул мүнәсибетлерди тәртиплестириўде нызамшылықта белгиленген ҳуқықый механизмлерден пайдаланыўда өзи боларлыққа салыў еле де даўам етпекте. Мәселен, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ Кодексиниң 6-бабы «Ер ҳәм ҳаялдың мал-мүлкиниң шәртнамалық тәртиби» деп аталып, ерли-зайыплылар ортасында неке шәртнамасын дүзиў тәртип-қағыйдалары белгилеп берилген.

Неке шәртнамасы неке мәмлекетлик дизимге алынғанға шекем де, неке дәўиринде де дүзилиўи мүмкин. Мәмлекетлик дизимге алынғанға шекем дүзилген неке шәртнамасы неке дизимге алынған күннен баслап күшке киреди. Неке шәртнамасы жазба түрде дүзиледи ҳәм нотариал тәртипте тастыйықланыўы лазым. Ер ҳәм ҳаялдың бар мал-мүлкине яки келешектеги мал-мүлкине қарата дүзилиўи мүмкин. Ер ҳәм ҳаял неке шәртнамасында өз-ара материаллық тәмийнат бериў, шаңарақ қәрежетлерин көтериў, бир-бириниң дәраматына қатнасыў, басқа шахслар менен мүлклик шәртнамалар дүзиў, биргеликте исбилерменлик искерлиги менен шуғылланыў бо­йынша өз ҳуқық ҳәм миннетлерин белгилеп алыўға, некеден ажыралғанда ер ҳәм ҳаялдан ҳәр бирине берилетуғын мүлкти анықлап алыўға, сондай-ақ, ер ҳәм ҳаялының мүлкий мүнәсибетлерине байланыслы басқа қағыйдалар киргизиўге ҳақылы.

Неке шәртнамасында нәзерде тутылған ҳуқық ҳәм миннетлер қандай да мүддет пенен шеклениўи яки қандай да жағдайлардың жүзеге келиўи ямаса келмеўине байланыслы етип қойылыўы мүмкин. Халқымыздың дәстүрлерине (ата-ана тәрепинен «қалың» төлеў,  қызға той саўғаларын «сеп» бериў, той қәрежетлери) бола ерли-зайыплылар ортасында неке шәртнамасының дүзилиўи оғада әҳмийетли. Себеби, бул ерли-зайыплар орталарында шаңарақ мүнәсибетлеринен келип шығыўы мүмкин болған көплеген мәселелердиң, әсиресе, мүлклик даўлардың тартыссыз, артықша суд қәрежетлери ҳәм суд пенен байланыслы кеўил қалыспаларсыз шешилиўине хызмет етеди.

Бундай мазмундағы тартыслардың судларда қарап шығылыўы даўамында тәреплер ҳәм олардың ата-аналарынан сорағанымызда көпшилик жағдайда олар неке шәртнамасын дүзиў мүмкиншилигинен хабарсыз екенлигин билиўге болады. Сол себепли, жаслардың ПҲАЖ уйымларында некелерин рәсмийлестириўде оларды неке шәртнамасын дүзиўдиң абзаллықлары ҳаққында еле де кеңирек үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў лазым.

 

Е.УТЕНИЯЗОВ,

Пуқаралық ислери бойынша Әмиўдәрья районы судының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF