ҲАҚЫЙҚЫЙ ДИЙҚАННЫҢ БИР КҮНИ
Ғореклерге сиресип, қәдди сәл ийилген, аппақ болып ашылған пахта атызларын көрип, көзи қызған айырымлардың ойынша «фермерлик аңсат талап» деўшилер де арамызда ушырасып турады.
Жер алып ексең, зүрәәт ала бересең деп ойлайды. Лекин, жанды қыйнап, күни-түни жуўырып-жортып, бәҳәр-гүзде «қус уйқыға» көшип, көздиң шырамын алып жүрген ҳақыйқый дийқанлар бундай пикирлерден пүткиллей аўлақ.
Себеби, жер қол ушы ислегенди, егинге берилетуғын ырысқы-несийбеси минерал төгинге исленген қыянетти жақтырмайды. Тағы бир тәрепи, ислеген мийнетиңе, төккен маңлай териңе қарап өним береди. Усындай қыйыншылықлары ҳәм машақатына көнген адам мийнетине ылайық жемисин татады.
Елликқала районындағы «Зариф Музаффар» фермер хожалығы баслығы Муса Мадраимов фермерликтиң аўырлығын жеңип, табысқа ерискенлерден. Жақсы нийетлер жетегинде 2006-жылы фермер хожалығын дүзгенли берли қанша суўлар ағып өтпеди дейсиз. Дийқанның мийнети қашан бир жеңил болған. Болмаса, 1991-жылы Ташкенттеги ирригация ҳәм мелиорация институтын табыслы тамамлап келгеннен соң, қәнигелиги бойынша тыныш ғана ислеп жүр еди. Бирақ, баў-бақшалы, қойыў саяманлы терекли пайызлы аўылы Әмирабадқа бүйири тарта берди. Негизинде, жерге кетпен урып, нәл қадаған аўыл баласы таңлаған гүзарынан алжаспағанын жыллар дәлиллемекте.
Дәслепки өз жерине, мөрине ийе болған жылы «аты шыға шапқаны» исенимин нығайтты. Мине, соннан берли аты бәйгиде «ылақсыз» қалып қоймапты. Басында техникадан қолы қысқалығы жанына батса да, келе бере өзиниң техникаларын толықтырды. Қолға илинген баласы Элнур бүгинлиги жақын көмекшиси. Әкесинен жуққан ба, жерге, дақылға қызығыўы, ықласы күшли.
Сөз етип отырған Муса Мадраимов ҳақыйқый дийқан екенлигин пахта ҳәм 32 гектар майдандағы бир тегис көгерип атыз жасырған гүзлик бийдай нәллери дәлиллеп тур. Әсиресе, оның 5l гектар пахта атызларындағы ҳәр түп ғаўаша 30 дан аслам ғорек байлапты. Ғореклер толы ҳәм ири болып шағында. Таңқаларлығы, дефолиация да жүдә абайлап исленипти, ғореклерге зыян тиймеген. Буны ғореклер мыржыйып қуўрап қалмай, қәдимги қәлпинде ашылғанынан сезсе болады.
Буның сырын сорағанымызда, Муса Мадраимов бизгеF Сыры мийнетте. Ҳәр бир түп нәл ушын гүресиў керек. Күнине кеминде үш мәрте атызды аралап, қандай азық бериў, кеселликтиң алдын алыўға итибарлы, серли болмасаң, ислеген мийнетиңе қол жуўып қаласаң. Аўылласларыма айтар алғысым көп, берекет тапсын, ғаўаша тәрбиясынан, терип-жыйнаўда қол қабысын аямады. Соның арқасы быйыл да бәйгиден өттик. Быйыл бир әўметли жыл болды. Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген пахтакеш» ҳүрметли атағы менен сыйлықландым. Елбасшыларының кишигирим мийнетимизди ылайықлы баҳалағанына шын кеўилден миннетдармыз. Бул сыйлық жуўапкершилик жүклейди. Бурынғыдан еки есеге ислеў ҳәрекетиндемиз, - дейди М.Мадраимов өлшенген пахталарға лық толған тиркемеге кеўли толған түрде қарап.
Атызлардағы ашылған пахталарға көз қыйығын таслап, Муса фермер ала бәҳәрден берли шаршағанларын умытып кететуғынын сезиндик. Умытпай не қылсын! Бундай қырманды қолға киргизиўге хожалық ағзалары азғана мийнет етти ме!
Азанлы берли қуяштың жүзи берман қарап, ыссылығын жерге жайғанынан баладай мәзи-майрам қуўанған фермерди түсинсе болады. Неге дегенде, атызларда жыйналмаған зүрәәт еле баршылық...
Қ.РЕЙМОВ,
өз хабаршымыз.
Елликқала районы.
СҮЎРЕТТЕ: фермер М.Мадраимов теримшилерге ҳармасын айтпақта.
Автордың түсирген сүўрети.