ДИННИҢ ЖӘМИЙЕТТЕ ТУТҚАН ОРНЫ
Динниң жәмийеттеги тутқан орны жүдә үлкен ҳәм әҳмийетли болып есапланады. Себеби, жәмийетте жасаўшы инсанлар бир-бири менен өз-ара қарым-қатнаста болады.
Мәселен, ата-ана менен перзент, туўған-туўысқанлар, қоңсы-қобалар, илим дәргайларында устаз бенен шәкирт, жумыс орынларында басшы менен хызметкер, саўда орынларында сатыўшы менен қарыйдар ортасындағы қарым-қатнаслар адамлар арасындағы байланыслар саналады. Бир сөз бенен айтқанда, ҳәр күни инсанлар бир-бири менен мәмиледе болады.
Ата-ана менен перзент ортасындағы мәмилеге итибар қарататуғын болсақ, динимизде ата-анаға перзенттиң жақсылық етиўин Аллатаала өзине ибадат етиўден кейинги уллы ҳәм саўаплы ислерден санаған. Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасалламнан бул ҳаққында көплеп ҳәдислер рәўият етилген. Усындай ҳәдислердиң биринде былай делинеди: «Ата-анасын, ямаса олардың бирин кекселик жасында таўып, жәннетке кире алмаған адам қор болсын». Демек, кекселик жасында ата-аналар жәрдемге, меҳирге көбирек мүтәж болады. Соның ушын да олардың хызметлерин ислеп, дуўаларын алып қалыўға ҳәрекет етиў керек екен.
Туўған-туўысқанлар менен де аўызбиршиликти, унамлы қарым-қатнасты беккемлеў керек. Себеби, олар менен қарым-қатнасты үзиў аўыр гүналардан есапланады. Ҳәдислерден биринде: «Қайсы қәўимде туўған-туўысқанлық қатнасығын үзетуғын адам болса, сол қәўимге Аллаҳтың рәҳмети түспейди», делинген.
Қоңсылар менен қарым-қатнас та тап усындай. Себеби, ҳәдислерден биринде пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Аллаҳтың аты менен ант ишемен! (бул сөзди үш мәрте тәкирарлады) ийманы кәмил болмайды»,-деди. Сонда саҳабалар «Кимниң?» деп сорағанда, «Қоңсылар оның жаманлығынан аманда болмаған адамның», жуўап берген еди.
Устазларға ҳүрмет көрсетип, оларды иззет етиў де саўаплы ислерден есапланады. Бул ҳаққында ҳәдислердиң биринде былай делинеди: «Әлбетте, Аллатаала, Оның периштелери, аспанлар ҳәм жердеги нәрселер, уясындағы қумырсқа, ҳәтте, теңиздеги балықлар да инсанларға жақсылықты үйретиўшиниң ҳаққына дуўа етеди», делинген.
Имам Абу Ҳанифадан устазы Ҳаммадтың үйине қарата аяғын созбағанлығы рәўият етилген.
Жумыс орынларында басшылар қол астындағыларға жақсы мүнәсибетте болыўы, өз гезегинде, хызметкерлердиң де басшыларға бойсыныўы кереклиги айрықша атап өтилген.
Саўда-сатық мәселелеринде де инсанлар бир-бириниң ҳақын жемеўи, өзгелердиң ҳақынан қорқыў кереклиги уқтырылған. Ҳәтте, Қураны Кәримде бул ҳаққында «Мутоффифин» деген бир сүре түсирилген. Бул сүреде тәрезиден, басқа да өлшемлерден урып қалыўшылардың ҳәм өзгелердиң ҳақын жеўшилердиң жазасының қаншелли дәрежеде аўыр екенлиги айтып өтилген. Ҳәтте, динимиз бир жәмийетте жасаўшы өзге дин ўәкиллери менен де жақсы мүнәсибетте болыўға шақырады. Себеби, бәрше инсанлардың негизи Адам ата ҳәм Ҳаўа енеге барып тақалады. Сонлықтан динимиз кеңпейиллик ҳәм инсаныйлық дини деп аталады.
Жоқарыдағы пикирлерден келип шығып, динимиздиң жәмийеттеги орны қаншелли дәрежеде үлкен ҳәм әҳмийетли екенлигин көрсек болады. Егер биз усы көрсетпелерге әмел етип жасайтуғын болсақ, жәмийеттеги инсанлар арасындағы бир-бирине деген меҳир-мүриўбет, ҳүрмет-иззет сезимлериниң артыўына ерисемиз.
Ж.ИСКЕНДЕРОВ,
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтының қәнигелик пәни оқытыўшысы.