АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫНДА СУЎДЫ ҮНЕМЛЕЎШИ ТЕХНОЛОГИЯЛАРДЫ ЕНГИЗИЎДИ ХОШАМЕТЛЕЎ МЕХАНИЗМЛЕРИН КЕҢЕЙТИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетимизде суў ресурсларынан пайдаланыў механизмлерин түп-тийкарынан реформалаў, олардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, экономика тармақларына суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўди қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, сондай-ақ, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша үзликсиз илажлар әмелге асырылмақта.
Әмелге асырылып атырған илажлар, сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлери 2019-жылдың өзинде қосымша 33,2 мың гектарға суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларының енгизилиўин тәмийинлеў имканиятын берди, бул болса усы сыяқлы технологиялар қолланылып атырған жерлердиң улыўма майданының 44 процентин қурады.
Бирақ, суўды үнемлеўши технологиялар қолланылып атырған улыўма жер майданы тек ғана 75 мың гектарды ямаса улыўма суўғарылатуғын жерлердиң 1,7 процентин қурағаны аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланыўды кеңейтиўге ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин тәмийинлеўге қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў зәрүрлигин талап етпекте.
Аўыл хожалығында суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиўди хошаметлеў механизмлерин буннан былай да кеңейтиў ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлериниң өнимдарлық дәрежесин жақсылаў мақсетинде:
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдеги «Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5742-санлы Пәрманына муўапық 2019-2022-жыллар даўамында 253 381 гектар егислик жерлерге суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўдиң прогноз көрсеткишлериниң тастыйықланғанлығы;
б) Өзбекстан Республикасы Президентиниң:
2018-жыл 27-декабрьдеги «Пахта шийки затын жетистириўде тамшылатып суўғарыў технологияларынан кеңнен пайдаланыў ушын қолайлы шараятларды жаратыўға байланыслы кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4087-санлы қарарына муўапық пахта шийки затын өндириўшилерге тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў ушын пахта шийки заты егилетуғын жердиң ҳәр бир гектары ушын 8 миллион сум муғдарында субсидиялардың берилип атырғанлығы;
2019-жыл 5-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигиның жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-4161-санлы қарарына муўапық жаңа жүзим плантацияларын жаратыў мақсетинде тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиўге жүзим егилетуғын жердиң ҳәр бир гектары ушын 8 миллион сум муғдарындағы субсидиялардың берилип атырғанлығы;
2019-жыл 20-марттағы «Өзбекстан Республикасында бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4246-санлы қарарына муўапық жаңа бағлар ҳәм ыссыхана хожалықларын жаратыў мақсетинде суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиўге егислик жерлердиң ҳәр бир гектары ушын 6 миллион сумнан аспаған муғдарда субсидиялардың берилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери 2020-жылда 43825 гектарда, соның ишинде:
24859 гектар — пахта егислик майданларында;
11498 гектар — мийўели егислик майданларында;
4987 гектар — жүзимгершилик майданларында;
2481 гектар — басқа да егислик жерлерде суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша тастыйықланған прогноз көрсеткишлериниң нәтийжели орынланыўын тәмийинлесин.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиўди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби белгиленсин;
аўыл хожалығы өндириўшилерине суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша қәрежетлердиң бир бөлегин, сондай-ақ, оларды сатып алыў ҳәм қурыўға ажыратылатуғын банк кредитлери бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 1-қосымшаға муўапық субсидиялар бериледи;
бюджет қаржыларын алыўшылар менен дүзилетуғын импорт шәртнамларын мәжбүрий экспертизадан өткериў ҳәм дизимге алыў талабы аўыл хожалығы өндириўшилери тәрепинен суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша жумыслар шеңберинде дүзилетуғын импорт шәртнамаларына қолланылмайды.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлерин қәлиплестириўде тастыйықланған прогноз көрсеткишлерине муўапық усы бәнттиң екинши абзацында көрсетилген илажларды қаржыландырыў ушын керекли қаржыларды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-декабрьдеги «Пахта шийки затын жетистириўде тамшылатып суўғарыў технологияларынан кеңнен пайдаланыў ушын шараятларды жаратыўға байланыслы кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4087-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилген суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиўге жәрдемлесиўши жумысшы топарларға аўыл хожлығы егинлерин ислеп шығарыўда суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларының барлық түрлерин енгизиў тарыўындағы жумысты әмелге асырыў бойынша қосымша ўазыйпалар жүкленсин.
- а) суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларының енгизилиўин тәмийинлеў ушын суў жеткерип бериўши насос станциялары ҳәм насос агрегатлары жәрдеминде, соның ишинде, суўғарыў қудықлары ҳәм вертикаль дренаж қудықларынан әмелге асырылатуғын егислик жерлердиң әҳмийетли есапланатуғыны;
б) 2020-жыл 1-январьдан баслап өнимдарлығы төмен болған жерлерде мәмлекетлик талаплар ушын пахта шийки затын жетистиретуғын аўыл хожалығы кәрханаларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан финанслық қоллап-қуўатлаў тәртиби бийкар етилетуғыны;
в) 2020-жыл 1-январьдан;
пахта шийки заты ҳәм дәнли өсимликлерди жетистириў ушын насос агрегатлары ҳәм суўғарыў қудықлары тәрепинен пайдаланылған электр энергиясының баҳасын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен субсиядиялар есабынан қаплаў тәртиби тек ғана суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизген аўыл хожалығы өндириўшилерине қолланылатуғыны;
аўыл хожалығы өндириўшилери тәрепинен суў хожалығы шөлкемлериниң суўғарыў қудықлары ҳәм вертикаль дренаж қудықларынан аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ушын пайдаланыўға суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын қолланыў шәрти менен рухсат етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жыл 20-ноябрьге шекем аймақлар ҳәм егислик майданларын көрсеткен ҳалда аўыл хожалығы егинлери ҳәм суўды үнемлеўши суўғарыў системаларының түрлери кесиминде 2020-жыл ушын суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиўдиң мәнзилли бағдарламасының ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Суў хожалығы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте он күн мүддетте усы қарарға муўапық аўыл хожалығы өндириўшилериниң суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
суўды үнемлеўши суўғарыў системасларының комплектлеўши буйымлары ҳәм аўысық бөлеклерин ислеп шығарыў тараўында санаат тармақлары арасындағы өз-ара кооперацияны кеңейтиў бойынша ҳәрекеттеги имканиятларды үйренсин;
суўды үнемлеўши суўғарыў системаларының локализацияланыўы керек болған комплектлеўши буйымлар ҳәм аўысық бөлеклердиң анық дизимин қолда бар шийки зат ресурсларын есапқа алған ҳалда қәлиплестирсин;
2020-2022-жылларда суўды үнемлеўши суўғарыў системалары және олардың комплектлеўши буйымларын ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм оның қуўатлылықларын кеңейтиў бойынша илажлардың бағдарламасын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан Республикасының Израиль мәмлекети, Қытай Халық Республикасы, Корея Республикасы, Түркия Республикасындағы елшиханалары ҳәм мәмлекеттиң сырт елдеги басқа да дипломатиялық ўәкилханалары менен биргеликте:
суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиўди кеңейтиўде, сондай-ақ, мәмлекет аймақларында суўды үнемлеўши суўғарыў системалары және олардың комплектлеўши буйымларын ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ушын сырт ел инвесторларын тартыўда мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларына жәрдемлесиўди;
2020-жыл 1-июньге шекем усы бәнттиң орынланыўы шеңберинде көрилип атырған илажлар ҳаққында ҳәр айда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-январьға шекем суў хожалығының насос станцияларында Электр энергиясын қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасына сәйкес келетуғын өлшеў әсбапларының енгизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги:
а) Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте аўыл ҳәм суў хожалығы тараўындағы илимпазлар ҳәм экспертлерди тартқан ҳалда 2019-жылда суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў нәтийжелилиги бойынша ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм таллаў өткерсин, олардың нәтийжелери тийкарында;
2019-жыл 15-декабрьге шекем суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў нәтийжелери ҳәм усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин;
2020-жыл 1-февральға шекем аймақлар, суўғарылатуғын жерлер ҳәм аўыл хожалығы егинлери және олардың сортларының өзгешеликлеринен келип шығып, суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў ҳәм қолланыў бойынша методикалық усынысларды, сондай-ақ, олардан пайдаланыў нәтийжелилигин баҳалаў нормаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
б) 2020-2030-жылларда суў хожалығын раўажландырыў концепциясының жойбарын ислеп шығыўда төмендегилерди нәзерде тутсын:
2021-2025-жылларда суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм әҳмийетли аймақлары, сондай-ақ, 2030-жылға шекемги мақсетли мөлшерлери;
суўды үнемлеўши суўғарыў технологиялары енгизилген жерлердиң өлшемин есапқа алған ҳалда суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин басқышпа-басқыш арттырыў және насос станцияларын басқарыўды оптималластырыўды;
суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў илажларын халықаралық қаржы институтлары ҳәм донор мәмлекетлердиң грантлары және узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлерди тартыў есабынан қаржыландырыў тәртибине өтиў ҳәм қәрежетлердиң бир бөлегин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаплаў механизмлерин енгизиўди;
өз алдына суў хожалығы объектлерин эксплуатациялаўды басқышпа-басқыш үлкен аўыл хожалығы өндириўшилерине, соның ишинде, аўыл хожалығы кластерлерине бериўди;
в) Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте 2020-жыл 1-январьға шекем аўыл хожалығы өндириўшилерин суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў, олардан пайдаланыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў бойынша қысқа мүддетли көшпели оқытыў курсларын өткериўди нәзерде тутатуғын реже — графиги ҳәм оқыў бағдарламасын ислеп шықсын;
г) Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қаржы минисрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-февральға шекем усы қарардың орынланыў жағдайы ҳәм нәтийжелериниң талланыўы тийкарында аўыл хожалығы егинлерин суўғарыўдың ҳәм суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў прогноз көрсеткишлерин арттырыў, сондай-ақ, усы илажларды қаржыландырыў дәреклери ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
д) экономика ҳәм санаат министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-июльге шекем аўыл хожалығы өндириўшилери тәрепинен суў хожалығы шөлкемлериниң суўғарыў қудықлары ҳәм вертикаль дренаж қудықларынан аўыл хожалығы егинлерин суўғарыў ушын пайдаланыў тәртибин суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын мәжбүрий тәртипте қолланыў бойынша талаптың киргизилиўин есапқа алған ҳалда ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигине ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм ўазыйпалары, сондай-ақ, орынларда суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларын енгизиў процесслерин ҳәм нәтийжелерин кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 25-октябрь.