ӨРТТИҢ АЛДЫН АЛҒАН ЖАҚСЫ
Усы жылдың өткен 9 айы даўамында өртлердиң алдын алыў бойынша Нөкис қаласы өрт қәўипсизлиги бөлими хызметкерлери тәрепинен профилактика жумысларын еле де жақсылаў мақсетинде республикамызда жүз берген өртлердиң келип шығыў себеплери терең изертленип, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм аянышлы ўақыялардың алдын алыў бағдарында анық ис-илажлар белгилеп алынды.
Әсиресе, гүз-қыс мәўсимине таярлық көриўде турақ жайлардың ысытыў қазанларының морыларын көзден өткериў, жағыўдан алдын тазалаў кереклигин пуқараларымызға үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.
Бул илажларды өткериўде бөлимимиз хызметкерлери тәрепинен 111224 шаңарақлардың турақ жайлары тексерилди. Оларға өртке қарсы гүресиў бойынша жол-жобалар берилип, буклетлер тарқатылды. Сондай-ақ, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын қопал түрде бузған 294 шахсқа жәрийма салынды. Қала аймағындағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында 554 ушырасыўлар шөлкемлестирилди.
Ҳәр бир инспектор өзине бириктирилген секторларда өрт-профилактикасы күни халыққа түсиндириў жумысларын турақлы өткерип келмекте. Үгит-нәсият жумысларын жүргизиўде тексериўлердиң сапалы өткерилиўине, тийкарынан спиртли ишимликлер ишиўге бейимлескенлер, жалғыз баслылар, кекселер, майыплар жасайтуғын турақ жайларға айрықша итибар қаратылмақта.
Усындай профилактика жумысларын жүргизиўимиз пуқараларымыздың тилсиз жаў өрттиң келип шығыўының азайыўына еристиреди, деген үмиттемиз.
Қ.СЕЙТНАЗАРОВ,
Нөкис қалалық ӨҚБ инспекторы, лейтенант.