САЛАМАТЛЫҚ ПИДАЙЫСЫ
«Душшы ет аўырмаға бейим» дегениндей, сәл жерде бийтапланып Қанлыкөл районлық медицина бирлеспесиниң терапия бөлимине стационар емлениўге жатқанымда шыпакер Разия Шерниязова кирип келди.
Сәлемлесип болып, қан басымымды өлшеп, жүрек соғыўларымды тыңлады.
- Аға, ең баслысы, сизге тынышлық керек, қан басымыңыз көтерилген, - деди.
Бир-еки күн өткеннен кейин алған дәрилерим тәсир етип, денсаўлығым бир қанша жақсылана баслады. Шыпакердиң ханасы ашық екенин көрип ханасына кирдим.
Ҳәр күни наўқаслардың кеселлик тарийхын бир қатар көрип шығып, өзгерис болмаған бийтапларға қосымша ем буйыраман. Күндиз бийтапларды көриў, бөлимниң машқалалары менен үйинде жатырған бийтаплардан да хабар аламан,- деди шыпакер Разия Шерниязова. Бөлимимиз 25 орынлық. Данышпанның «Мың түрли кеселлик бар денсаўлық биреў ғана» деп айтқанындай, емлениўде жатырған 25 наўқастың кеминде 10 түрли кеселлиги бар болып, олардың диагнозына қарай ем буйыраман...
Бөлимдеги тазалық ҳәр бир наўқастың кеўлине унайды. Себеби, ол жерде телевизор, суўытқыш, өсирилген ҳәр қыйлы гүллер, дийўалдағы эстетикалық талғамға сай безеўлер зейниңди ашып, өзиңди емлеўханада емес санаторияда жүргендей сезесең. Бундай емлеўханадағы тәртип-интизам, жақсы жағдайдың болыўы Разия Шерниязованың шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы, талапшаңлығынан дерек береди.
П.ДӘЎЛЕТМУРАТОВ,
Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының ағзасы.