Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:12:43, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӘБИЯТТЫ ҚОРҒАЎ БОЙЫНША БАҒДАРЛАМАЛАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎ ЖОЛЫНДА

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында өткен үш жыл даўамында елимиздиң қала ҳәм районлары, аўылларымызда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар халқымызды уллы мақсет-нийетлер менен жасаўға бағдарлап, кең көлемли жумысларды орынлаўға ийтермелеп атыр.

Буған мысал етип, тек ғана Мойнақ районында социал-экономикалық жағдайлардың көрилмеген дәрежеде раўажланыўына бағдар­лан­ған қарарлардың айрықша әҳмийетке ийе болғанын атап өтиўимизге болады. Елбасшымыздың районның социал-экономикалық тараўын комплексли раўажландырыў бағдарламасы қабыл етилип, 2019-2021-жылларда 1 триллион 485 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылып, қысқа мүддетте район орайында 800 орынлық амфитеатр, мәмлекетлик хызметлер орайы, музыка ҳәм көркем өнер мектеби, спорт залы, жабық бассейн қурып питкерилди. Буннан басқа райондағы Мәденият орайы ҳәм стадион, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жы­йынындағы шаңарақлық поликлиника реконструкцияланды. Жол ҳәм гүзарлар, майданлар, турақ жайлар жаңаланды, жаңа тәбийғый газ, ишимлик суўы, электр тармақлары тартылып, бул жумыслар ҳәзир де избе-из даўам етпекте.

Халқымызды турақлы түрде жумыс пенен тәми­йинлеўге итибар қаратылып, тек ғана балықшылық тараўында қурылып питкерилиў алдында турған, жылына 4 мың тонна балықты қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған «Мойнақ аква санаат» кәрханасы, сондай-ақ, онлаған жойбарлар исленип, районда балық аўлаў көлемин 15 мың тоннаға жеткериў, оның 36 процентин қайта ислеў белгиленген.

Усы жағдайда елимизде балық аўлаўды интенсив методлар тийкарында әмелге асырыўдың ҳәзирги заман талапларына толық жуўап бермейтуғынын есапқа алып, Президентимиз 2018-жыл 6-ноябрьде балықшылықты жетилистириў, аўлаў ҳәм оған тийисли қурылыс жайлары, қурылмалары, балық хожалықларын минерал төгинлер, аралас жемлер, репродуктив бассейнлер қурыў, майда балық шабақларын өсириў ҳәм өнимлерин қайта ислеў, сақлаў бойынша параметрлерин қабыл етип, ҳәзирги ўақытта кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атыр. Усы қарар тийкарында балық жетистириў ҳәм аўлаў бойынша болжаў параметрлери тастыйықланып, Қарақалпақстан Республикасында 2019-жылы 15 мың тонна, соннан жасалма ҳәўизлерден 5250, тәбий­ғый көллерден 8000, басқа қурылмалардан 300, майда суў сақлағышлардан интенсив усыл менен 850 ҳәм бас­қа қурылмалардан 600 тонна балық жетистириў белгиленди.

Егер, усы жылдың 6 айын­да жыллық белгиленген 15000 тоннадан 1929 тоннасы аўланған болса, өткен 9 ай ишинде 4115 тоннасы ғана аўланды. Өткен 9 ай ишинде регионымызда жасалма суў сақлағышларда дүзилген 446, тәбийғый көллерде 107, субъектлер 1 килограмм да балық тапсырмады. Сондай-ақ, Хожели районында дүзилген 26 жасалма ҳәўизлерден 12, Мойнақ районындағы 12 ҳәўизден 12, Қоңырат районындағы 38 ҳәўизден 8 и бир килограмм да балық тапсырмағаны оғада ашынарлы жағдай.

Әмиўдәрьяның қуярлығына жайласқан тәбийғый ири көллерге Тақыятас гидроузелинен түсетуғын ағын суўлардың турақлы келип жетпеўи үлкемизде гидрогео­логиялық жағдайлардың турақсызлығына алып келип атыр. 20l9-жылдың өткен 9 айы ишинде Тақыятас гидроузелинен төменге қарай көллерге 1994 млн.м3, соннан Междуречье суў сақлағышларына 856 млн.м3, Жылтырбасқа 450 млн. м3, Судочьеге 457 млн.м3, Рыбачьеге 168 млн.м3, Даўыткөлге 36 млн.м3, Мойнақ қолтығына 15 млн.м3  ағын суўлар жиберилген болса, тек ғана Междуречьеге жағалаўында қурылып атырған айланба дамбалардың, қурылмалардың сапалы етип питкерилмеўи нәтийжесинде 184 млн. м3 суў басқа тәрепке ағып кетти. Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, «Қарақалпақбалықсанаат» ЖШЖ, тийисли министрлик, шөл­кемлер, жергиликли ҳәкимият уйымлары, мәкан пуқаралар жыйынлары, фермерлер ҳәм басқа да субъектлер менен биргеликте балықшылықты, аўыл хожалығының басқа да тараўларын раўажландырыў ушын Әмиўдәрьямыздың қуярлығын турақлы түрде тийисли дәрья суўлары менен тәмийинлеў, оларды сақлаўға бағдарланған комплексли тәбиятты қорғаў бағдарламасы әмелге асырылыўы керек.

Қайыпберген ЮСУПОВ,

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF