ҚАЙЫР-САҚАЎАТЛЫ ИСЛЕРИМИЗДИҢ ШАРАПАТЫ
Атызлардағы аппақ шағаладай ашылған пахтаға көзимиз түскен сайын жыйын-терим мапазы ақырлап қалғанына исенгимиз келмейди, - деп пахтазарлыққа қарай жол баслаған «Арзыўов Жийемурат» фермер хожалығы баслығы Қуўат Әбдисаттаровтың кеўли көтериңки еди.
33 гектар жерге шигит егилип, режедеги 21 центнерден 66 тонна орнына бүгинги күнге 80 тоннадан зыят биринши сортқа ҳасыл тапсырдық. Ең бери айтқанда, атызларымыздан еле де 10 тонналық өним шығады...
Өзлерине бекитилген механизмлерди техникалық жақтан күтип услап, тынымсыз ислетип атырған механизаторлардан Зыят Бекмуратов, Закир Турсыновлар жерлерди сүрип тегислеў, шигит егиси, қатар арасына ислеў бериў жумысларын жоқары сапада атқарды. Апрель айында егилген «С-4727» сортынан гектар есабына орташа 95-100 мың түптен нәл алыўға еристик. Қысқа ўақыт ишинде сийреклетиў, жабайы шөплерден тазалаў жумыслары питкерилип, комплексли агротехникалық тәрбиясына кирисилди. Минерал төгинлер араласпасы ҳәр гектарға 750 килограммнан туўра келип, жапырағы арқалы қайта-қайта азықландырыў, шербетлеп суўғарыў, шүдигарға қойыў сыяқлы биринен бири әҳмийетли жумыслар орынланды.
Жыйын-терим жумыслары қызғын пәтлер менен басланып, хожалық ағзалары менен қатар «Хорезм» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы 150 ден зыят инталылар топары белсене қатнаспақта. Шәпик қоллы теримшилеримизден Улмекен Бекетова, Айтбийке Узақбаева, Қурбангүл Төреева, Зийбагүл Ешмуратовалардың ҳәр бириниң мәўсим басынан тергенлери 3,5-4 тоннадан асты. Хожалығымызға газди терең бураўлап алыў басқармасы, аўыл қурылысы ҳәм «Халық банки» районлық бөлими жәмәәтлери жәрдемге келип, өз үлеслерин қоспақта.
30 гектардағы гүзлик бийдайымыздың өсип-раўажланыўы жақсы. Қандырып суўғарғаннан соң минерал төгинлер менен азықландырсақ, қыс уйқысына кетеди. Овощ-палыз, от-жемлик егинлерден де мол өним алынды. Гөне түбир жоңышқаны үш орып, алажақ ҳасыл туқымлы малларымыз ушын беккем от-шөп базасы дүзилмекте.
Хожалық ағзалары қайыр-сақаўатлық ислерин өзлериниң парызы ҳәм қарызы деп биледи. Ағайинли Жийемурат ҳәм Хожамурат Арзыўовлар өткен жылғы табысынан 2 миллион сумды Хожелидеги Меҳрибанлық үйине өткерди. Аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы кем тәмийинленген бес шаңарақ ийелерине миллионлап ақшалай жәрдем, гүриш, овощ-палыз өнимлерин берип, сый-ҳүрметке ерисиў арқалы исимиздиң жүрисиўине себепши болғанын бәрқулла мақтаныш етемиз, - деген хожалық баслығы Қуўат Әбдисаттаров кеўлиндеги бар гәпин айтты.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,
өз хабаршымыз.
Қоңырат районы.