МӘЛИМЛЕМЕ ХЫЗМЕТИНДЕ ҲУҚЫҚЫЙ ТИЙКАР БАР
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында «Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары хызметиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў миллий системасының шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары» ҳәм «Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы уйымлары хызметиниң ашық-айдынлығы: пуқаралар мәлимлеме алыў ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелери» темаларында кеңейттирилген семинар болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Инновациялық раўажланыў, мәлимлеме сиясаты ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген бул семинарды Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасының баслығы А.Бекмуратов басқарып барды.
Оған министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм мәкемелер аймақлық басқармаларының, мәлимлеме-китапхана, билимлендириў мәкемелериниң, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты уйымларының мәлимлеме хызметлери ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Инновациялық раўажланыў, мәлимлеме сиясаты ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң депутатлары Н.Акбаров ҳәм Р.Кушербаевлар «Мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыў уйымлары хызметиниң ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы 2014-жыл 11-мартта қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Нызамының тийкарғы қағыйдалары, ҳуқықлар ҳәм миннетлери мәлимлеме хызметлериниң роли, пуқаралардың мәлимлеме алыў ҳуқықларын тәмийинлеўдиң ҳуқықый тийкарлары бойынша семинар қатнасыўшыларына мағлыўматлар берди.
Қатнасыўшылар депутатлардан өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша тийисли жуўапларын алды. Семинар пикир алысыўлар менен жуўмақланды.
Г.ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы
хабаршымыз.