КОРРУПЦИЯНЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ — ҲӘР БИРИМИЗДИҢ МИННЕТИМИЗ
Ҳәзирги дәўирде коррупция көплеген мәмлекетлердиң экономикалық ҳәм сиясий раўажланыўына өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип келмекте.
Сонлықтан, оған қарсы гүресиўдиң турақлы рәўиште әмелге асырылыўы орынланыўы лазым болған әҳмийетли ўазыйпалардың бирине айланды.
2017-жылы 3-январьда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўшы, нызамлылық, пуқаралар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги, ашықлық ҳәм жәриялылық, системалық, мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң бирге ислесиўи, коррупцияның алдын алыў бойынша ис-илажлардың үстинлиги ҳәм жуўапкершиликтиң шәртлилиги принциплерин өзине жәмлеген Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.
Бул Нызамның тийкарғы мақсети — коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат болып, халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыў, жәмийетте коррупцияға қарсы аяўсыз қатнасықларды қәлиплестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық салаларында коррупцияның алдын алыўға байланыслы ис-илажларды әмелге асырыў, бул иллетке байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, олардың ақыбетлерин, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў, сондай-ақ, усыған байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегени ушын жуўапкершиликтиң шәртлилиги принципин тәмийинлеўге бағдарланған.
Нызамның 6-статьясына муўапық коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясаты мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм басқа бағдарламалар тийкарында әмелге асырылыўы мүмкин. Булар Нызам қағыйдаларының нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў, коррупцияның ҳалаты ҳәм тенденцияларынан келип шыққан ҳалда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша комплекс ҳәм системалы ис-илажлар көриў мақсетинде ислеп шығылады ҳәм әмелге асырылады.
Сол мақсетте, 2019-жыл 27-май күни Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 5729-санлы пәрманы қабыл етилди. Усы пәрман тийкарында 20l9-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы қабыл етилип, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республика мәкемелер аралық комиссиясының жаңаланған қурамы тастыйықланды. Коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекет сиясаты искерлигиниң тийкарғы жөнелислери белгилеп берилди.
Жасларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша унамлы дүнья қарасты қәлиплестиретуғын ис-илажларды әмелге асырыў; билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларына коррупцияға қарсы гүресиўдиң арнаўлы курсларын киргизиў; ғалаба хабар технологиялары ҳәм коммуникацияларынан пайдаланыў арқалы судьяларды ашық жәриялы таңлаў ҳәм тайынлаў механизмлерин жетилистириў; мәмлекетлик хызметкерлерди таңлаў тийкарында лаўазымларға тайынлаўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў арқалы коррупцияның алдын алыў; коррупция ҳаққында хабар берген шахсларды қорғаўдың ҳуқықый механизмлерин ислеп шығыў; судьялар ҳәм суд хызметкерлери ортасында профилактикалық ҳәм түсиник жумысларын турақлы түрде алып барыў; әдил судлаўды әмелге асырыў искерлигине араласыў фактлери бойынша судьялардың Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң Суд инспекциясына аноним тәризде мүрәжат етиў тәртибин енгизиў; коррупцияға қарсы гүресиў тараўында ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин ҳәм судьяларды таярлаў бойынша әмелий илажларды жетилистириў сыяқлы қатар илажлар белгиленди.
Бул Нызам тек ғана коррупцияға қарсы гүресиў механизминиң беккемлениўин тәмийинлеп қоймастан, ҳәр бир басшы, ҳәр бир пуқараның өзине жүклетилген ўазыйпаны шын кеўилден, ҳүждан менен әмелге асырыўын талап етеди.
Жәмийетте коррупцияға қарсы кескин мүнәсибетти қәлиплестириў бүгинги күнде ең әҳмийетли мәселе болып, бул бойынша тек ғана жуўапкер мәкемелер емес, ал, кең жәмийетшилик биргелесип гүрес алып барса мақсетке муўапық болады. Бул болса, өз гезегинде мәмлекетимизде саламат орталықтың қарар табыўына, жәмийетлик-сиясий турақлылықтың және де беккемлениўине хызмет етеди.
А.АДИЛОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы.