Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:23:38, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАҢАРАҚЛЫҚ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘМЛЕКЕТЛИК БАҒДАРЛАМАЛАРЫ ШЕҢБЕРИНДЕ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫП АТЫРҒАН ЖОЙБАРЛАРДЫ КРЕДИТЛЕЎ ТӘРТИБИН ЖЕТИЛИСТИРИЎДИҢ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2018-2019-жыллар даўамында халықты исбилерменликке кеңнен тартыў, өнерментшилик, жумысты үйге алып ислеў ҳәм исбилерменлик жумысының басқа да тараўларында бәнтлигин тәмийинлеў арқалы олардың қосымша ҳәм турақлы дәрамат дәреклериниң қәлиплесиўине шараятлар жаратыў бағдарында дәстүрий илажлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде халықтың, әсиресе, алыс аймақлардағы социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың белгили бир муғдарда экономикалық жағдайының жақсыланыўына жәрдем болды.

Соның менен бирге, киши бизнес, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың басламалары бойынша бағдарламаларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў системасының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, мәмлекет қатнасындағы коммерциялық банклердиң жумыс ислеў усылларын түп-тийкарынан жақсылаў ҳәм банк хызметлериниң ғалаба ен жайыўын арттырыў арқалы халықтың кең қатламлары, киши бизнес ҳәм шаңарақлық исбилерменлик субъектлери менен толық түрдеги шериклик қатнасықларын орнатыў талап етиледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 13-августтағы «Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша қосымша илажлар, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң финанслық ресурслар ҳәм өндирис инфраструктурасынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳаққында»ғы ПП-5780-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў және киши бизнес, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳәм жас әўладтың басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы бағдарламаларда мәмлекетлик ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, олардың мақсетли екенлигин тәмийинлеў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өнерментшиликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5242-санлы, 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ инс­титутын беккемлеў тараўындағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5325-санлы ҳәм 2018-жыл 27-июньдеги «Yoshlar — kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5466-санлы Пәрманлары, 2018-жыл 26-апрельдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3680-санлы, 2018-жыл 7-июньдеги «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасын әмелге асырыў ҳаққында»ғы ПҚ-3777-санлы, 2018-жыл 14-июльдағы «Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арт­тырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3856-санлы ҳәм 2019-жыл 7-марттағы «Аймақларда халықты исбилерменликке кеңнен тартыў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4231-санлы қарарлары менен республикада киши бизнес, шаңарақлық исбилерменлик, халықтың өзин-өзи бәнт етиўин раўажландырыў, ҳаял-қызлар ушын имканиятларды арттырыў ҳәм жас әўладты қоллап-қуўатлаўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламалар (кейинги орынларда — Бағдарламалар) әмелге асырылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2020-жыл 1-январьдан баслап:

Бағдарламалар шеңбериндеги жойбарларды кредитлеў  Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасы бойынша тийкарғы түрде АК Халық банки, «Микрокредитбанк»АКБ ҳәм «Агробанк» АКБ (кейинги орынларда — ўәкилликли банклер) арқалы әмелге асырылады;

Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанында жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди хошаметлеў аймақлық қорлары, Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры, Өзбекстан жаслар аўқамы жанындағы «Yoshlar — kelajagimiz» қоры, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси жанындағы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда — Қорлар) ҳәм басқа да қорлардың есабынан киши бизнес, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлар ҳәм жас әўладтың басламаларына ўәкилликлер банклер тәрепинен ажыратылған кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация ҳәм субсидияларды бериўге рухсат етиледи;

Бағдарламаларды қаржыландырыў ушын ресурсларды ажырататуғын Өзбекстан Республикасының Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры және Қорлар ресурсларының  2020-2022-жылларда сөндирилетуғын бөлеги ҳәр айда ўәкилликли банклерге Бағдарламалар шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыў ушын қаратылды, онда ресурслар бойынша процент ставкасы Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасынан 4 процент төмен етип белгиленеди.

  1. Төмендегилер:

Бағдарламалар шеңбериндеги жойбарларды 2020-жылда орайласқан ресурслар есабынан қаржыландырыўдың мақсетли параметрлери 1-қосымшаға;

2020-жылда ўәкилликли банк­лер тәрепинен Бағдарламалар шеңбериндеги жойбарларды кредитлеўдиң мақсетли параметрлери 2, 2а, 2б, 2в -қосымшаларға;

Мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде ажыратылған кредит линияларын 2020-2022-жылларда қайтарыў прогнозы 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.

  1. Ўәкилликли банклердиң бақлаў кеңеслери еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлардың режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:

барлық аймақларда «банк хызметлери офислери»ниң кең тармағын жаратыў, онда зәрүр жағдайларда, ҳәрекеттеги филиаллар тармағы структурасын қайта көрип шығыў;

мәлимлеме технологияларын қолланыў арқалы жаңа банк хызметлери ҳәм «модулли» кредитлеў тийкарында жаңа кредит түрлерин жедел енгизиў;

киши бизнес ҳәм халықтың исбилерменлик басламаларын раўажландырыўға тосқынлық ететуғын әҳмийетли финанслық машқалаларды шешиў бөлими бойынша аймақларда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары менен бирге ислесиў;

банклер Кеңеслериниң қурамына банклер басқармасы тәрепинен усынылған мәлимлеме ҳәм усынысларды әмелий пикир-таласларға уқыплы еркин ағзаларды сайлаў арқалы корпоратив басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиў ҳәм нәтийжелилигин арт­тырыў;

коррупцияны сапластырыўға қаратылған мәплер келиспеўшилигиниң алдын алатуғын ҳәм тәртипке салатуғын сиясатты әмелге асырыў,  коммерциялық банклердиң басқарма ағзалары ҳәм хызметкерлери тәрепинен әмел етилиўи мәжбүрий болған әдеп-икрамлылық нормаларын жетилистириў;

банктиң ишки мониторинг системасын енгизиў арқалы банклердиң «қарыйдарға бағдарланғанлық» жумыс усылын және де күшейтиў, қарыйдарларға хызмет көрсетиўде ҳәрекеттеги машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры 2019-жыл 1-ноябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги «Yoshlar — kelajagimiz» Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5466-санлы Пәрманы шеңберинде әмелге асырылатуғын жойбарларды қаржыландырыў ушын АК Халық банки устав капиталын 250 миллиард сум­ға, «Микрокредитбанк» АКБ устав капиталын 170 миллиард сумға ҳәм «Агробанк» АКБ устав капиталын 290 миллиард сумға арттырыў ушын қаржылар ажыратсын.

Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы Шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайлары менен биргеликте ажыратылған ресурслар шеңберинде ўәкилликли банклер қаржыландыратуғын жаслар тәрепинен әмелге асырылатуғын жойбарлардың дизимин қәлиплестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки коммерциялық банк­лер менен биргеликте ҳәр бир район кесиминде Бағдарламалар шеңберинде ажыратылып атырған қаржылардың мақсетли жумсалыўы ҳәм кредиттиң қайтарылыўы үстинен системалы мониторинг ҳәм қадағалаўды тәмийинлесин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм районлық кеңеслерине ҳәр шеректе Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасарының, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қалалар ҳәкимлери биринши орынбасарларының Бағдарламаларды әмелге асырыў нәтийжелилиги бағдарындағы есапларын тыңлап барыў усыныс етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қаржы минис­трлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң баслығы М.Б.Нурмуратовқа жүкленсин.

 

     Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

     Ташкент қаласы, 2019-жыл 24-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF