Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:38:11, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛ МАШҚАЛАСЫН БИРГЕЛИКТЕ ШЕШИЎ МӘСЕЛЕСИ ДОДАЛАНДЫ

Жоқары дәрежедеги «Аралбойы-экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы халықаралық конференцияның қатнасыўшылары республикамызға жетип келди.

24-октябрь күни Нөкис халықаралық аэропортында конференция қатнасыўшылары салтанатлы жағдайда  күтип алынды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссиясының елимиздеги бөлими ҳәм халықаралық шөлкемлердиң жәрдеминде шөлкемлестирилип атырған халықаралық конференцияның жумысларында табыслар тиледи.

Усы күни халықаралық конференция қатнасыўшылары Мойнақ районында болып, Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған жойбарлар менен жақыннан танысты.

Конференция шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Аралды қутқарыў халықаралық қоры Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссия­сының мәжилиси болып өтти. Илажда Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Қучқаров, Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссиясының баслығы, Түркменстан аўыл хожалығы ҳәм қоршаған орталықты қорғаў министри  М.Байрамдурдыев, Қазақстан Республикасы экология, геология ҳәм тәбийғый ресурслар министрлиги  тоғай хожалығы ҳәм ҳайўанатлар дүньясы комитети баслығының орынбасары М.Айнабеков, Тәжикстан Республикасы ҳүкимети жанындағы  қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығының орынбасары С.Абдурахманзода, Аралды қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитетиниң баслығы Г.Байжанов, БМШтың Европа экономикасы комиссиясы  Атқарыў секретариаты офисиндеги директоры Кире Илиоски ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  Орайлық Азия регионында экологиялық жағдайды турақластырыў, Арал апатшылығы ақыбетлерин биргеликте сапластырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында биргеликте әмелге асырылған кең көлемли жумыслар ҳәм алда турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссиясының баслығы, Түркменстан аўыл хожалығы ҳәм қоршаған орталықты қорғаў министри  М.Байрамдурдыев Түркменстан басшылық еткен 2015-2019-жыллар даўамында алып барылған жумыслар менен жақыннан таныстырды.

Атап өтилгениндей, биринши мәрте 1992-жылы  Нөкис қаласында Арал машқаласына бағышланып өткерилген халықаралық илимий-теориялық конференцияда Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилген еди. Аралды қутқарыў халықаралық қоры 1993-жылы Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан басшыларының басламасы менен Арал теңизи бассейнинде экологиялық кризис ақыбетлерин сапластырыў ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў мақсетинде дүзилди. Соның менен бирге, быйылғы жылы Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссиясының дүзилгенине 25 жыл толмақта.

Бүгинги күни Арал машқаласы тек усы регионның емес, ал, Орайлық Азия мәмлекетлериниң экологиялық, социал-экономикалық ҳәм гуманитарлық машқаласына айланбақта. Бул машқалаларды сапластырыўда  Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссиясының жумысларын жоқары баҳалаймыз.

2018-жыл 24-август күни Түркменбашы қаласында болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде қордың жумысын жетилистириў, региондағы экологиялық жағдайды жақсылаў, суў ресурсларын муўапықластырған ҳалда басқарыў, бул бағдарда Орайлық Азия еллериниң бирге ислесиўин беккемлеў мәселелери додаланған еди. Усы мәжилисте Президентимиз Аралды қутқарыў халықаралық қорының жумысын жетилистириў, аймаққа инновациялық шешимлерди енгизиў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў, «Жасыл экономика»ны раўажландырыў, илимий-әмелий изертлеўлер алып барыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойды ҳәм усы басламаларды ҳәр тәреплеме додалаў мақсетинде  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Глобал экологиялық фондтың жәрдеминде арнаўлы конференция шөлкемлестириўди усыныс еткен еди

Усы көзқарастан қарағанда, бүгинги мәжилистиң күн тәртибиндеги мәселелер регион халықлары ушын әҳмийетли болып табылады.

Атап айтқанда, мәжилисте турақлы раўажланыў ушын қоршаған орталық бойынша Регионаллық бағдарламасының жойбары, Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссиясының Мәсләҳәт кеңесин дүзиў мәселелери көрип шығылды. Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссиясына басшылық етиў ўәкиллиги Түркменстаннан Өзбекстан Республикасына берилди.

Илаж соңында  Мәмлекетлер аралық турақлы раўажланыў комиссиясы менен БМШтың Европа экономикасы комиссиясы арасында өз-ара түсинисиў Меморандумына қол қойысыў салтанаты болды.

Халықаралық конференция қатнасыўшылары И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейинде болды ҳәм қаламыздың басқа да дыққатқа ылайық орынлары менен танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF