КОРРУПЦИЯ МӘСЕЛЕСИНЕ АЙРЫҚША ИТИБАР
Президентимиз тәрепинен исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, ислеп шығарыўды раўажландырыў ушын қолай бизнес орталығын жаратыўға байланыслы бир қанша нызам ҳүжжетлери қабыл етилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен «Нөкис» сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана постында исбилерменлик субъектлери ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда қәнигелер тәрепинен бажыханаға байланыслы нызамшылыққа киргизилген өзгерислер исбилерменлердиң жумысларына қолайлылығы ҳәм бажыхана тараўындағы жеңилликлердиң абзаллықлары ҳаққында кең сөз етти.
Илажда өз қәўипсизлик топары хызметкерлери тәрепинен ҳәр бир тараў ўәкиллери өз жумысларына жуўапкершилик пенен жантасса ғана халықтың тынышлығы тәмийинлениўин айтып өтип, елимиздиң бажыхана шегара аймақларында жүз бериўи мүмкин болған нызамбузыўшылықлар ҳәм жынаятлар, коррупция ҳалатларының алдын алыў бойынша қатаң тәртип орнатылғанлығы ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына қәнигелер тәрепинен жуўаплар алып, машқалалы мәселелер қадағалаўға алынды.
Өз гезегинде бундай илажлардың шөлкемлестирилиўи алды менен халқымыздың тынышлығын асыраў, татыў турмыс-тәризин тәмийинлеўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли.
Илаж жуўмағында қәўипсизлик топары хызметкерлери тәрепинен исбилерменлерге өз жумысларын әмелге асырыўда бажыхана хызметкерлери тәрепинен олардың жумысларына нызамсыз араласыў, дәмегөйлик, коррупция ҳалатларына жол қойылған жағдайларда Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң 11-08 қысқа номерли телефонына яки басқарманың
(361) 224-24-19 номерине мүрәжат етиўи айтып өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана
басқармасы Мәлимлеме хызмети.