Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:51:54, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НОСТРИФИКАЦИЯ —   БУЛ НЕНИ АҢЛАТАДЫ?

Бүгинги күнде Республикамызда көплеген жаслар дүньяның түрли мәмлекетлериниң жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында билим алып келмекте.

Бундай билимли ҳәм талантлы жаслардың барлығы, әлбетте, қуўанарлы жағдай. Бирақ, усы орында бир сораў туўылады! Шет елде оқып билим алған жаслардың ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасында тән алына ма, бул ушын қандай басқышлардан өтиў керек. Мине усы мәселелер бойынша анық ҳәм толық мағлыўмат алыў, буларды ҳалыққа жеткериў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы баслығы Артыков Казбек Жумабаевич менен сәўбетлесиўди мақул таптық.

— Сәўбетимиз басында ең дәслеп нострификация түсинигине тоқталып өтсеңиз?

Бүгинги күнде сырт ел мәмлекетлеринде билим алып келген ҳәм билим алып атырған пуқараларымыз көп. Олар оқыўды тамамлағаннан кейин, өз тараўы бойынша мәмлекетимизде жумысқа кириўи ушын, ең биринши нәўбетте сол шет елдеги тәлим алғанлығы ҳаққында дипломын нострификациядан өткериўи (Дипломның Өзбекстанда тән алыныўы ушын сынаўдан өтип, тийисли хүжжетке ийе болыў) талап етиледи.

— Шет елде тәлим алғанлығы ҳаққында дипломын нострификациядан өткериў ушын қай жерге мурәжат етиў керек ҳәм қандай ҳүжжетлер талап етилетуғынлығы ҳақкында айтып өтсеңиз?

— Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-июль күнги «Шет мәмлекетте билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы 620-санлы қарары қабыл етилди.

Усы қарарға муўапық,   2019-жыл 1-сентябрден баслап сырт еллерде орта арнаўлы, кәсип-өнер, жоқары оқыў орынлары ҳәм кадрлар тәжирийбесин асырыў ҳәм оларды қайта таярлаў бойынша билимлендириў орынларында оқып билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ушын арзалар тек ғана мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса бирден-бир интерактив мәм­лекетлик хызметлер порталы арқалы қабыл етиледи.

Буның ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер:

Шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет, шет елде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжет, оның қосымшасы ҳәм олардың мәмлекетлик тилге аўдарма исленген нотариал тастыйықланған нусқалары керек болады.

Олардың арзалары электрон түрде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириў сапасын қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясына жибериледи. Мурәжат қарар талапларына тийкарланып 15 күнниң ишинде эксперт комиссиясы тәрепинен көрип шығылады. Егер комиссия тәрепинен унамлы жуўмақ берилсе, тест сынағы өткерилетуғын ўақты көрсетилген хабарнама Мәмлекетлик хызметлер орайына келип түседи ҳәм бул мүрәжат ийесине жеткериледи.

— Усы орында және бир сораў, дипломды нос­трификациядан өткериў ушын төлем барма?

 — Ҳақыйқатында да сораўыңыз орынлы, орта арнаўлы, кәсип-өнер, жоқары билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў бойынша билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў(нострификациялаў) бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетилгени ушын ең кем айлық ис ҳақының 3 есеси муғдарында жыйым өндириледи.

Тест сынаўларын қайта тапсырыў ушын талапкерлерден ең кем айлық ис-ҳақының еки есеси муғдарында төлем өндириледи.

Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, жоқарыда атап өтилген ҳүкиметимиз қарарына тийкар, шет еллерде улыўма орта ҳәм орта билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў бийпул әмелге асырылады.

— Сәўбетимиздиң басында бул тараўға ти­йисли ҳүкиметимиз қарары қабыл етилгенин айтып өттиңиз, усы  тийкарында нострифика­циядан өткериўде қандай жеңилликлер берилди?

  Ҳүкиметимиз қарары менен нострификациядан өткериў тәртиплерине бир қанша жеңилликлер киргизилди. Атап айтсақ,  төмендеги жағдайларда ҳүжжетлерди тән алыў сынаўларсыз әмелге асырылады;

— Улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм қәнигелердиң тәжирийбесин арттырыў бойынша билим алған талабанлардың ҳүж­жетлериf

— Халықаралық 1000 лық рейтингке кирген жоқары билимлендириў мәкемелериниң ҳүжжетлери;

— Министрлик ҳәм мәкемелердиң жолламалары тийкарында билим алған талабанлардың ҳүжжетлери;

— 1992-жыл 1-январға шекемги сырт ел билимлендириў мәкемелерине кирген талабанлардың ҳүжжетлери;

— Жоқары билимлендириўде сапаны қадағалаў бо­йынша Европа ассоциациясының ағзалары тәрепинен аккредитацияланған билимлендириў мекемелеринде билим алғанлардың ҳүжжетлери;

— АҚШ, Австралия, Израиль, Канада, Сингапур, қубла Корея, Япония мәмлекетлеринде аккредитацияланған билимлендириў мәкемелеринде билим алғанлардың ҳүжжетлери;

— Министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен ажыратыл­ған қаржылар есабынан билим алған талабанлардың ҳүжжетлери;

— Халықаралық шәртнамалар, Президент ҳәм ҳүкиметлик ҳүжжетлерде көрсетилген жағдайларда билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлер.

Атап өтиў орынлы, және бир машқалалы жағдайға шек қойылды. Усы күнге шекем шет мәмлекетте билим алған пуқара дипломын нострификациядан өткериў ушын Ташкент қаласына барып тест сынаўынан өткеннен соң, қәнигелигинен тысқары және бир пәннен сәўбеттен өтетуғын еди. Ал, ҳәзирги әпиўайылас­тырылған тәртипте пуқара тек тест сынаўынан өтеди.

— Шет елде тәлим алғанлығы ҳаққындағы дипломның Өзбекстанда тән алыныўы бойынша Мәмлекетлик хызметлер орайларына жыл даўамында қанша  мүрә­жатлар келип түсти?

— Статистикалық мағлыўматларға көз жуўыртатуғын болсақ усы жылдың 9 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы барлық Мәмлекетлик хызметлер орайларына шет елде билим алғанлығы ҳақкындағы ҳүжжетти тән алыў бойынша жәми 325 пуқарадан  мүрәжат келип түскен болып, соннан 56 пуқараның шет елде билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлери тән алынған. Ал, 107 пуқараның мүрәжаты көрип шығылмақта.

— Бул хызметтиң Мәмлекетлик хызметлер орайлары  арқалы әмелге асырылыўы ҳалыққа қай дәрежеде мақул келмекте?

— Ҳәзирги күнде Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында қабыл етилип атырған барлық норматив ҳүжжетлерде хызмет көрсетиў мүддетиниң қысқартыл­ғаны, артықша тәртип-қағыйдалар жоқ етилгенлиги ҳәм оптималластырылғаны ҳалыққа тез ҳәм қолайлы хызмет көрсетиўге хызмет етпекте.

Жоқарыдағы пикиримиздиң дәлили сыпатында бул хызмет түрин бурынғы тәртип пенен салыстырып қараймыз. Бурынлары пуқаралар шет елде билим ал­ғанлығы ҳаққындағы дипломды нострификациялаў ушын Ташкент қаласына барып, Мәмлекетлик тест орайына дипломның түп нусқасын тапсырып, сынаў болатуғын мүддетти жыллап күтетуғын еди.

Ал, ҳәзирги тәртип бир қанша әпиўайыластырылған болып, пуқара бул хызметтен пайдаланыў ушын қәлеген мәмлекетлик хызметлер орайына мурәжат етип, 15 күнниң ишинде тест сынаў болып өтетуғын сәне ҳаққында анық мағлыўматқа ийе болмақта.

Әсиресе, ҳүкиметимиз қарарына муўапық берилген жеңилликлер халқымыз ушын бир қанша қолайлылықлар жаратты деп айта аламыз. Мысал етип айтатуғын болсақ, пуқара Каниязова Айдаўлет Полат қызы Украина Республикасының Сумы Мәмлекетлик Университетинде «Емлеў иси» қәнигелиги бойынша оқыған ҳәм 2019-жылы оқыўын тамамлап, аўылға қайтады.

Соң өз қәнигелигин еледе арттырыў ушын Ташкент қаласында ординатурада оқыўды мақсет етеди. Буның ушын шет елде тәлим ал­ғанлығы ҳаққында дипломның Өзбекстанда тән алыныўы кереклигин еситип, Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етти. Айдаўлет Қаниязованың оқыған оқыў орны Халықаралық 1000 лық рейтингке кирген жоқары билимлендириў мәкемелери қатарында болғанлығы ушын, ҳеш қандай тест сынаўларысыз дипломы Өзбекстанда тән алынды.

А.Қаниязова ҳәм оның ата-анасы мәмлекетимизде бундай жеңилликлердиң жаратылғанлығынан, ўақты ҳәм артықша қәрежети тежелгенлигинен Мәмлекетлик хызметлер орайына өзиниң миннетдаршылығын билдирди.

Хызмет көрсетиў тараўы жеделлик пенен раўажланып атырған бир дәўирде, Мәмлекетлик хызметлер орайына келген ҳәр бир пуқараға ҳәр тәреплеме қолайлылық жаратыў, профессионал хызметлер көрсетиў арқалы хал­қымызды бүгинги турмысынан разы болып жасаўына ерисиў тийкарғы мақсетимиз есапланады.

Сәўбетлескен:

Қ.Реймов.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF