Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:27:28, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЛ — МИЛЛЕТ РУЎХЫЯТЫНЫҢ МУҚАДДЕС ТЫМСАЛЫ

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен «Тил-миллет руўхыя­тының муқаддес тымсалы» атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти.

Конференцияға профессор оқытыўшылар, магистрантлар менен студентлер қатнасты. Конференция жумысын институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды ҳәм «Тарийхый ҳүжжет ҳәм елимизде тилдиң жағдайы» бойынша мәселеге тоқтап өтти.

Конференция барысында өзбек тили кафедрасының доценти, филология илимлери докторы Я.Ибрагимовтың «Глобалласыў дәўиринде тил машқаласы», қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы, филология илимлери бойынша философия докторы И.Қуттымуратованың «Тил дослық пенен татыўлық тиреги» темасындағы баянатлары қатнасыўшылар дыққатына усынылды.

Баянатларда келтирилиўинше, бизиң руўхый байлығымыз да, ата-бабаларымыздың тарийхы менен мәдениятын жеткериўши де ана тилимиз болып табылады. Демек, өз елиңди, Ўатаныңды жан-тәниң менен сүйиў ушын ана тилимизди терең билиўимиз ҳәм оны көздиң қарашығындай сақлаўымыз тийис. Қайсы халықтың тилин алып қарасақ та, ол жәмийеттиң раўажланыўы менен жаңа сөзлер арқалы байып баратуғынлығы белгили.

Илажда институт көлеминде студент жаслар арасында «Тил, ел бар болса, миллет мәңги жасайды» темасында жәрияланған шығармалар таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды.

Конференция студент жаслар тәрепинен таярланған сахналық көринислер ҳәм концерт бағдарламасы менен мазмунлы өтти.

 

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы

хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF