«ТИЛ БАР ЕКЕН — МИЛЛЕТ МӘҢГИ ЖАСАЙДЫ»
Быйыл Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамының қабыл етилгенине 30 жыл толды. Бул тарийхый ҳүжжетке көре, өткен жыллар даўамында өзбек тили беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары статусқа ийе болды.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан раўажланыўының бүгинги жаңа басқышы — миллий раўажланыў дәўири талапларынан келип шығып, өзбек тилиниң жәмийеттеги орны ҳәм абырайын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги жылларда Алишер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик Өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң, сондай-ақ, барлық жоқары оқыў орынлары қатарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2008-жылы Өзбек филологиясы факультетиниң шөлкемлестирилгени — бул өзбек тилиниң тарийхый тамырларын терең үйрениў, оны илимий тийкарда ҳәр тәреплеме раўажландырыў, және қолланыў шеңберин кеңейтиў, филолог кадрларды таярлаў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 4-октябрь сәнесинде қол қойған «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 30 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары халқымыздың мәдений турмысында үлкен ўақыя болды.
Мине, усы қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша бүгинги күнде мәмлекетимиздиң барлық орынларында ҳәр қыйлы әнжуманлар, ушырасыў ҳәм түрли илажлар әмелге асырылып келинбекте.
Усындай илажлардың бири — жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Тил бар екен — миллет мәңги жасайды» атамасындағы илимий-әмелий әнжуман шөлкемлестирилди.
Әнжуманды университет ректоры А.Реймов ашты.
Онда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Т.Романов, университеттиң Өзбек филологиясы факультетиниң деканы Ф.Бабажанов, Өзбек тил илими кафедрасының баслығы И.Казаков, шайыр Ә.Өтепбергенов, профессор Ш.Абдиназимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбек тилиниң әҳмийети, тил илимин раўажландырыў, оның тарийхый басып өткен жоллары ҳаққында айтып өтти.
Әнжуман университет студент-жаслары тәрепинен таярланған көркем-әдебий шығыўлар менен даўам етти.
Р.АРЗИЕВ,
ҚМУ Баспасөз
хаткери.