Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:33:31, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҢЛАЙ  ТЕРГЕ  СИҢГЕН  АҚ  ПАХТА

Қоңыр гүздиң әптаплы ыссысы «муртынан күлген» гүмис ғореклерди писирип, бирде-биреўин қалдырмай ашпаға қарады. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен көп басқышлы, үш зонаға бөлип өткерилип атырған «10 күнде ең көп пахта терген шаңарақ» таңлаўының биринши жеңимпазлары «Кобальт», еки «Спарк» машиналары менен сыйлықланғаны ҳәммеде қызығыўшылық оятып, мапазға айрықша пәт ендирмекте.

Таңлаўдың екинши басқышына «Әжинияз» АПЖ аймағынан қатнасыў нийетиндеги шаңарақлар саны көпшиликти қурайды. Бурынлары үйлеринде отырып қалған түрли жастағы ер адамлар менен ҳаял-қызлардан қуралған инталылар топары жүзден асты, - деген отряд баслығы Замира Қурбанбаева менен «Ҳамид ҳанқалы» фермер хожалығының пахта далаларында ушырастық.

­ Олардың ҳәр қайсысы атызлардың биринши теримин 100, екинши-үшиншисине қарай 60-70 килограммға жеткермекте. Ҳәр күни кеште тәрезиде өлшеткен пахталарының ҳәр килограмына 1200 сумнан мийнет ҳақыларын иркинишсиз алады. Теримшилерге атыз басларында қолайлы турмыс шараятлары жаратылып, ыссы аўқат, шай-суўын таярлап бериў шөлкемлестирилген, - деген Замира да басқалар қатары белине ақ фартук байлап алыпты.

­ Мол өним жетистириўдиң сырын өз тәжирийбемнен айтатуғын болсам, пахта-жоңышқа-бийдай ҳәм салыны алмаслап егиўди бирнеше жылдан берли кесте тийкарында жолға қойдық. Гүз айларынан баслап жерлерди егиске таярлаўға кирисип, қандырып суўғарыў, сүрип-тегислеў, жергиликли ҳәм минерал төгинлер менен азықландырыў арқалы қунарлылығын арттырғанымыз өз жемисин бермекте, - дейди хожалық баслығы Ҳамид Сапаев.

­ Быйылғы жылы шигит егилген 50 гектар жерге агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумыслары сапалы исленди. Районымызда бириншилер қатары шәртнама жобасындағы гектар есабына 21 центнерден 82,5 тонналық қырман жараттық. Атызлардағы жетистирген бар өнимди соңғы масақларына дейин жыйнап алсақ, зүрәәтлилик 40 центнерге жетип қалады.

50 гектарлық гүзлик бийдайдың егисин әллеқашан тамамлап, быйылғы жылы жерлерди тегислеўде лазер технологиясына әмел қылып, туқымды сеялкада еккенимиз бир тегис нәл алыўға имканият жаратты. Хожалығымыздың мол табысларға ерисиўинде механизаторлардан баслап айтатуғын болсақ,  М.Маўланов, Х.Мамедов, И.Казаков, суўшылардан М.Мадияров, Б.Жуманиязов, терим алдын­ғыларынан А.Алланазаров, Қ.Мырзабаева, Н.Мырзагелдиевалардың атларын ҳүрмет пенен тилге аламыз. 

Алдағы жыллары шарўашылықты жетекши тараўға айландырыў ушын беккем от-шөп базасын дүзип, жоңышқа, мәкке, басқа да от-жемлик егинлер көплеп егиў жолға қойылды. 20 қуты пал ҳәрремиз егинниң барлық түрлерине орташа есапта 10-15 центнерге шекем өнимдарлығы арттыўына себепши болмақта. Балықшылықты раўажландырыў ушын жерлеримиз қолай, 3 гектарлық тәбийғый көлди суўландырдық, заманагөй дала шертегин қурыўды жобаластырып отырмыз. Келеси жылдың зүрәәтине бүгиннен баслап тийкар салынып 6,5 километр узынлықтағы жап-салмаларды қазып-тазалаў жумысларына кирисилди, - дейди ҳасла тынып-тыншыўды билмейтуғын хожалық баслығы Ҳ.Сапаев.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF