Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:13:49, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАҢАРАҚ — ТӘРБИЯ ОШАҒЫ

Әпсанада айтылыўынша, еки ананың арасындағы даўды шешиў ушын патша баланы қылыш пенен шаўып еки анаға бөлип бериңлер дегенде, баланың туўған анасы: «Тоқтаңлар, балам тири қалса болар, оған бериўге разыман» деп жанын отқа жағып, ыссы көз жас төгип турып айтқан екен.

Сонда патша пидайылығынан сезип, нәрестени туў­ған анасына берген екен.

Мен бул әпсананы бийкарға келтирмедим. Өзим гүўасы болған ўақыядағы ананың ис-ҳәрекетине, оның пидайылығына тәси­йин қалмадым.

Көшеде бир баласын көтерген, екиншисин ертип жүрген ана көринди. Бизлер минген машина олардың тусынан өтип баратырғанда бала машинаның айнасына кесек ылақтырды. Айдаўшы дәрриў машинасын тоқтатып, жаңағы ҳаялдың қасына барып, «Бул не қылғаныңыз, қандай көргенсиз бала, қой десеңиз болмай ма?» десе, келиншек «бул мениң балам емес» деп үйине қарай жүрип кетти. Көшедеги бул келиншектиң гәплерине, өз перзентин тән алмаған ананың ис-ҳәрекетлерине ҳайран қалысып, жағамызды усладық. Бул жас келиншек, балалары да еле кишкене. Турмыстың ойлы-бәлентли соқпақлары еле алдында. Ол өтирик сөйлеўи менен өзиниң айыбын жасырмақшы болды, бирақ, усылай етип еки нәрестеге қандай үлги көрсеткенин ана сезди ме екен! Айыбын дурыс түсингенде, өзи дүньяға келтирип, келешегимиз деп үмит күткен балаларына жәҳәндеги жаман иллеттиң ­ өтирик айтып, жалған сөйлеп, «өтирикши» деген атқа танылып, өз қәдир-қымбатынан айырылып қалыў мүмкинлигин рәўа көрмеген болар еди, деп ойлайман.

Бир аўыз өтирик сөз ўақтында алды алынбаса, көплеген жаман иллетлердиң басламасы болады. Шын сөздиң орнына керисин айтып үйренген бала темеки шегиў, ишиў, урлық ислеў, жәмийетлик тәртипти бузыў сыяқлы унамсыз иллетлерди жасырыў ушын өтирик сөйлеп баслайды. Сонлықтан усындай болмаўы ушын перзентлеримиз көп китаплар оқыса, аналар да шаңарақта перзентлери алдында мәдениятлы болып, өзлери де әдебий китаплар оқып турса, оны балаларына қызықлы етип айтып берсе дурыс тәрбия берген болар еди, мениңше.

Аналар ­ шаңарақтың уйытқысы, өсирип атырған перзентлериниң сыйынары, сүйениши емес пе! Солай екен, шаңарақта аналарымыз сергек болып, ул ҳәм қызларының тәрбиясына жуўапкершилик пенен қараўы керек. Себеби, аналар миллетти тәрбиялайды, деген сөз бар халық даналығында.

 

Г.ХОЖАЛЕПЕСОВА,

И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернаттың

қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF