Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:08:58, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН. ЖАҢА САЙЛАЎЛАР»

Жақында Қарақалпақстан Республикасы  Ҳәкимшилик судында сайлаўға байланыслы  «Сайлаў нызамшылығы бузылыўы бойынша берилетуғын шағымларды судта  көриўдиң айырым мәселелери» атамасында семинар-тренинг  болып өтти.

Оған Өзбекстан Республикасы  Жоқарғы суды баслығы  жәрдемшиси А.Мирзаев, Жоқар­ғы суды ҳәм БМШ раўажланыў бағдарламасының қоспа жойбары баслығы А.Салаев, Ташкент  мәмлекетлик юридика университети кафедрасының  доценти, юридика илимлериниң докторы  Ж.Неъматов, Ташкент қалалық Ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Жураев, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды судьясы, ҳәкимшилик ислер бойынша  судлаў коллегиясы баслығының орынбасары М.Астанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасының қала  ҳәм район  ҳәкимшилик судьялары ҳәм суд хызметкерлери  қатнасты.

 Илажды  Өзбекстан  Республикасы Жоқарғы  судының баслығы  жәрдемшиси А.Мирзаев  сөзге шығып,   быйылғы сайлаўлар жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодекси тийкарында  өткерилетуғынынын, бул ҳүжжетте   сайлаўларды тән алынған халық­аралық стандартлар,  принциплер тийкарында  демократиялық ашық-айдынлық  пенен өткериўге хызмет ететуғын ҳәм  отыздан аслам жаңа норма  менен қағыйдалар бар екенлигин айтып өтти.

Буннан соң Жоқарғы суд ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының қоспа жойбар баслығы А.Салаев «Сайлаў нызамшылығы  тараўындағы халықаралық стандартлар», Ташкент мәмлекетлик юридика  университети  кафедрасы доценти, юридика илимлериниң докторы Ж.Неъматов   «Сайлаў комиссияларының ис-ҳәрекетлери (қарарлары) үстинен берилген шағымларды көрип шығыўдың өзине тән өзгешеликлери»  темасында баянат жасады.

­ Ҳақыйқатында да, Нызамның  талабына көре  судтың ҳәрекети ең алды менен нызам үстинлигин,  жәмийеттеги әдилликти, пуқаралардың тынышлығын ҳәм татыўлығын тәмийинлеўге қаратылған, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Адилов.  ­ Конституциямыздың  7-статьясында «Халық ­ мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир дереги» деп көрсетилген.  Демек,  ҳәр бир  демократиялық мәмлекеттиң  Конституциясы  тийкарында  инсан ҳуқықы  ҳәм еркинлиги  турады.  Быйыл  22-декабрь күни мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр бир сайлаў жасындағы пуқара өз еркинлиги менен  сайлаўға қатнасып,  парламент ҳәм  халық депутатларын сайлаў ҳуқықына ийе. 

 Семинар-тренингте   судья­лар­ға көплеген ўазыйпалар  жүкленип, оларға сайлаў нызамшылылығының  бузылыўына  байланыслы  ислерди көриў бойынша суд әмелияты талқылаўы ҳәм суд қарарларын қабыл етиўдиң айы­рым тәреплери ҳаққында түсиник берди. Бул сайлаў ­ «Жаңа Өзбекстан. Жаңа Сайлаўлар»  деген  уран астында    өтетуғынлығын атап өтти,  семинар  сораў-жуўап тәризинде даўам етти.

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.    

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF