КИНО-КОНЦЕРТ ЗАЛЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ
Усы жыл 16-октябрь күни Нөкисте заманагөй кино-концерт залы пайдаланыўға тапсырылды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы-сазендеси, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты У.Орынбаевалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди раўажландырыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, талант ийелерин хошаметлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Нөкис қаласының көркине көрк қосып турған бул имаратты «Инвесстрой Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары сапалы етип пайдаланыўға тапсырды. Улыўма 585 орынға мөлшерленген концерт залына ийе бул объектте 11 миллиард сумлық қурылыс оңлаў жумыслары әмелге асырылды.
— Дерлик 60 жылдан аслам тарийхына ийе жәмәәтимиз халқымыздың миллий мәдениятын тек елимизде емес, ал, дүньяның көплеген еллерине көрсетип келмекте,-дейди «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң директоры Аяпберген Алланиязов. — Жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы көркем өнер жәмәәтлерин айрықша қуўанышқа бөлеп, жаңадан-жаңа дөретиўшилик табысларға руўхландырады. Келешекте бул жерде түрли байрам илажларын өткериў режелестирилген.
Илаж қатнасыўшылары заманагөй кино-концерт залында жаратылған шараятлар менен танысты.
Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.