Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:14:44, 19.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РЕГБИШИ ҚЫЗЛАРЫМЫЗ — КУБОК ИЙЕСИ

Усы жылдың 10-12-октябрь сәнелеринде регби-7 бойынша Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан чемпионатының III тур ойын­ларында республикамыздың қызлары да, ер балалары да табыслы қатнасып, сыйлы 2-орынларды ийеледи.

Соны да айтып өтиў керек, чемпионат пенен қоса өткерилген Өзбекстан кубогы беллесиўлеринде қызларымыз 1-орынды жеңип алып, мәмлекет кубогын қолға киргизген болса, Қарақалпақстан ер балалар сайланды командасы 3-орынды ийелеўге еристи.

Елимиздиң көпшилик ўәлаятларынан күшли жәмәәтлер қатнасқан чемпионат ҳәм кубок беллесиўлеринде командаларымыздың бундай табысларды қолға киргизиўинде қызлардан ­ НМПИ студентлери Умида Балтабаева, Гүлназ Утепбаева, ҚМУ студенти Айзада Юсупова ҳәм пайтахтымыздағы 9-санлы мектеп оқыўшысы Диана Михайловалардың, ер балалардан болса, НМПИ студентлери ­ Айдос Ниязов, Маткарим Гүлмурзаев, Нуралы Қудайбергенов ҳәм ҚМУ студенти Жеткербай Баяровлардың шебер ойынларын атап өтиў мүмкин. Ал, оларды жарысларға таярлаўда аға тренер Антон Михайлов пенен ойнаўшы тренер Гүлжәҳән Генжемуратовалардың хызметлери айрықша болды.

­ Спортшыларымыз чемпионат ҳәм кубок беллесиўлерине тийкарынан Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде, сондай-ақ, Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде таярлық көрди, ­ дейди тренер-оқытыўшы Гүлжәҳән Генжемуратова. ­ Буның ушын усы мектеплердиң басшыларына, сондай-ақ, бизлердиң Ташкент қаласына барып қайтыўымызға жақыннан жәрдем берген Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлигине, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасы Сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы мәмлекетлик кәрханасының баслығы, Республика Регби федерациясының президенти Ч.Худайбергеновқа терең миннетдаршылық билдиремиз.

С.ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: қарақалпақстанлы жас регби шеберлери устазлары менен.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF