СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАРҒА САЙЛАЎЛАРДА ҚАТНАСЫЎЫНА РУХСАТ БЕРИЛДИ
2019-жыл 15-октябрь күни саат 11.00 де Халықаралық баспасөз орайында Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси видеоселектор тәризинде болып өтти.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары, сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери, ҒХҚ хызметкерлери қатнасқан мәжилиси күн тәртибине «Сиясий партияларға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлар сайлаўында қатнасыўына рухсат бериў ҳаққында», «Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслер сайлаўына таярлық көриў және оны өткериў бойынша қәрежетлер сметасы ҳаққында», «Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслерине сайлаў өткеретуғын участкалық сайлаў комиссияларының жумыс тәртиби ҳаққындағы режеге қосымша киргизиў ҳаққында», «Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Н.Раджаповтың ўәкиллигин мүддетинен бурын тоқтатыў ҳаққында»ғы төрт мәселе киргизилген.
Алдын хабар берилгениндей, 2019-жыл 10-октябрьден баслап мәмлекеттиң сиясий майданында жумыс алып барып атырған бес сиясий партияның ўәкилликли ўәкиллери тәрепинен Орайлық сайлаў комиссиясына Сайлаўшылар тәрепинен сиясий партияның сайлаўда қатнасыўды қоллап-қуўатлайтуғын қолтаңбалары қойылған имза қағазлары усынылды.
11-14-октябрь күнлери имза қағазлары дурыс толтырылғанын тексериў ушын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзилген қурамына ОСКның турақлы түрде ислейтуғын ағзалары ишки ислер ҳәм әдиллик уйымларының хаттаныўшы экспертлери, қәнигелери, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери тартылған Эксперт топары тексерип шығып, унамлы шешим берди. Усы процессте сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери де қатнасты.
Бүгинги мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Эксперт топарының унамлы шешимлерине муўапық «Сиясий партияларға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлар сайлаўында қатнасыўға рухсат бериў ҳаққында» қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги екинши мәселе де қызғын додалаўлар тийкарында өтти, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеслер сайлаўына таярлық көриў және оны өткериўге байланыслы қәрежетлер сметасы тастыйықланды. Оған бола сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўды қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын мәмлекетлик қаржылардың бир талабан есабына туўра келетуғын муғдары төмендегише белгиленгенF
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан ушын — 10 832 000 (он миллион сегиз жүз отыз еки мың) сум;
Халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық кеңеси депутатлығына талабан ушын — 2 000 000 (еки миллион) сум;
Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңес депутатлығына талабан ушын — 1 000 000 (бир миллион) сум.
Алдынғы сайлаўларда Халық депутатлары жергиликли кеңеслери депутатлығына талабанлар ушын қаржы ажыратылмаған. Усы жылғы Жаңа Өзбекстан, жаңа сайлаўлар — сүрени астында жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген сайлаўларда Халық депутатлары жергиликли кеңеслери депутатлығына талабанлар ушын да бюджет қаржыларының ажыратылыўы, тек ғана Олий Мажлис Нызамшылық палатасына депутатлығына емес, ал, Халық депутатлар ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеси депутатлығына да сайлаўлар процесин, талабанлар арасындағы дебатлар, сиясий партиялараралық саламат бәсеки ҳәм ҳәр бир депутатлық орны ушын гүрес қызғын кешиўден дәрек береди.
Күн тәртибинен орын алған басқа да мәселелер көрип шығылды.
Мәжилис жуўмағында саат 12.00 ден — 12.30 ға шекем тиккелей эфирде ОСК баслығының күн тәртибиндеги мәселелер бойынша брифинги болып өтти ҳәм брифинг соңыңда бес сиясий партияның ўәкилликли ўәкиллерине (партия баслығының орынбасарларына) Орайлық сайлаў комиссиясының «Сиясий партияларға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлар сайлаўында қатнасыўына рухсат бериў ҳаққында»ғы қарары салтанатлы түрде тапсырылады. Буннан кейин бес сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери менен ҒХҚ ўәкиллери арасында сораў-жуўап тәризинде баспасөз конференциясы болып өтти.
Орайлық сайлаў комиссиясының баспасөз хызмети.