УМИДА ЖӘҲӘН ЧЕМПИОНЫ
Самбо бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында Ташкент қаласында өтип атырған жәҳән чемпионатында Хожели районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Умида Джуманиязова барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, биринши орынды ийеледи.
Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Миллий Олимпиада комитети, самбо ассоциациясы ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген чемпионатта жәҳәнниң 50 ден аслам мәмлекетинен бес жүзден зыят самбошы 40 салмақ категориясында беллеспекте.
Умида 48 килограмм салмақ категориясында дәслеп шерек финалда франциялы, ярым финалда белоруссиялы, финалда болса россиялы спортшыдан үстем келип, жәҳән чемпионы болды. Буннан тысқары, Нөкис Олимпия резервлери колледжиниң оқыўшысы Несийбели Отарбаева, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Индира Елмуратова гүмис, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Гүлсимай Бегдуллаева, Елликқала районындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Моҳигүл Камилжановалар өз салмақ категорияларында жәҳән чемпионатының қола медальлары менен сыйлықланды. Және бир спортшымыз, Нөкис Олимпия резервлери колледжиниң оқыўшысы Азада Аймуратованың жәҳән чемпионатында бесинши орынды ийелеўи жоқары көрсеткиш болып табылады.
Спортшыларды жарысқа Сансызбай Юсупов, Азамат Турданов, Байрам Досбергенов, Махсуд Пирниязов, Анвар Атаханов ҳәм Расул Балтабаевлар таярлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.