ВАЛЮТА САТЫП, ЖУЎАПКЕРШИЛИККЕ ТАРТЫЛДЫ
Бүгинги күнде республикамызда валюта сиясатын либералластырыў бойынша бир қанша қарарлар, пәрманлар, нызам асты ҳүжжетлери қабыл етилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Тилекке қарсы, айырым пуқараларды нәпси бәлеси жынаятқа ийтермелеп, нызамсыз түрде валюта алмастырып, жуўапкершиликке тартылыў жағдайлары ушыраспақта.
Усындай жағдайлардан бири Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажлар даўамында Нөкис қаласында жасаўшы пуқара С.Төремуратов пуқара О.Өтепбаевқа ҳәр бир Қазақстан теңгесин 24 сум 20 тийиннен есаплап, 40 000 Қазақстан теңгесин 968 000 сумға нызамсыз сатқан ўақтында иркилди ҳәм пуқара С.Төремуратовтан валюта алып сатыўда пайдаланып жүрген 40 000 Қазақстан теңгеси ҳәм 2 275 000 Өзбекстан сумы тийисли тәртипте ҳүжжетлестирилип алынды.
Бул нызамсыз жағдай бойынша Нөкис қалалық Ҳәкимшилик суды тәрепинен С.Төремуратовқа ең кем айлық ис ҳақының 20 есеси муғдарында, яғный, 4 460 000 сум жәрийма жазасы тайынланды. Бул басқаларға сабақ болыўы тийис.
Қ.НУРХОЖАЕВ,
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық
жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҚР Нөкис қалалық
бөлими инспекторы, 3-дәрежели юрист.