САЛАМАТЛЫҒЫМЫЗ ӨЗ ҚОЛЫМЫЗДА
Дүньяға белгили француз жазыўшысы А.Мюссен «Дене тәрбиясы көплеген дәри-дәрмақлардың орнын басыўы мүмкин, бирақ, ҳеш бир дәри дене тәрбиясының орнын баса алмайды», - деген еди.
Ҳақыйқатында да, инсан өмиринде дене тәрбиясы ҳәм спорттың тутқан орны айрықша. Ол инсанды ақылый, руўхый ҳәм физикалық жақтан раўажландырып барады. Дене тәрбиясы ҳәм спорттың тийкары болған дене шынығыўлары арқалы саламатлығымыз беккемленип, узақ өмир сүриўимиз мүмкин. Елимизде спорттың ғалабалығына ерисиў бойынша көплеген жумыслар исленип атыр.
Ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен грант ажыратылып келинбекте.
Жақында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Дене тәрбиясы ҳәм спортты кең ен жайдырыў арқалы зыянлы әдетлерге қарсы иммунитетти қәлиплестириў» атамасындағы грант жойбарының мақсет ҳәм ўазыйпаларын кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде баспасөз конференциясы өткерилди.
Жойбардың тийкарғы мақсети — халықтың, әсиресе, балалар ҳәм ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризине бағдарланған спорт шынығыўларын ҳәм жарысларын шөлкемлестириў, ғалаба хабар қураллары арқалы жасларды нәшебентлик ҳәм басқа да зыянлы әдетлерден қорғаўдан ибарат.
Илажда Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы директоры Б.Мәмбетов ҳәм усы университеттиң оқытыўшылары З.Айымбетов, Р.Реймбаева, М.Рамазановлар сөзге шығып, дене шынығыўларының инсан саламатлығында тутқан орны ҳаққында кең түрде баянат жасады.
Демек, дене тәрбиясы ҳәм спорт бәршемизге бирдей зәрүр. Мағлыўматларға қарағанда, егер ер адам бир күнде 10 минут дене шынығыўлары менен шуғылланса, ол минутына жүрегиниң 10 мәрте урыўын тежеп қалады екен. Соның ушын да, спорт пенен шуғылланатуғынлар да жүрек-қан тамыр кеселликлерине аз ушырайды. Денемизди бир күнде аз ғана болса да шынығыўлар менен ҳәрекетлендирип турсақ узақ өмирге қәдем таслаймыз. Солай екен, денсаўлығымыз өз қолымызда, әзиз заманласлар.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.