ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ЖӘМӘӘТШИЛИК КЕҢЕСЛЕРИ ДҮЗИЛДИ
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 5-октябрь күни «Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары жанында Исбилерменлердиң жәмәәтшилик кеңеслерин дүзиў ҳаққында»ғы қарары қабылланды. Усы қарар менен Исбилерменлердиң жәмәәтшилик кеңеслериниң үлги режелери тастыйықланды.
Исбилерменлер кеңеслери өз жумысын жәмәәтшилик тийкарында алып барады, турақлы ислеўши мәсләҳәт-кеңеси уйымы есапланады. Исбилерменлер кеңеси ағзалығына, белсенди исбилерменлер, ҳуқықтаныўшылар ҳәм жәмәәтшиликтиң басқа ўәкиллери қабылланады.
Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары:
Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық болып турған машқалаларды шешиў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигине, ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға киргизиў;
Исбилерменлердиң ҳуқықый мәдениятын арттырыў ҳәм экономикалық көнликпелерди қәлиплестириў бойынша Агентлик, жәмәәтшилик кеңеслери ҳәм басқа да тийисли мәкемелер менен системалы байланысларды жолға қойыў;
Исбилерменлердиң ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине тийисли ең баслы мәселелерин, жәмәәтшилик пикирлерин системалы мониторинг етиў ҳәм ҳәр тәреплеме талқылаў, социаллық сораўлар өткизиў, тийкарынан оларды мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда өткериў киреди.
Хожели районындағы Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң
Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы.