Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:56:40, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЕРУНИЙШИЛЕРДИҢ ҚӘДЕМИ ҲӘР ҚАШАНҒЫДАН ДА ШЫЙРАҚ

Жыл даўамында мийнеттиң қазанында қайнаған дий­қанлар Беруний районында көплеп табылады. Гүздиң сарғыш тартқан сағымы, ийреңлеп созылып аққан дәрьяға мегзес, Қаратаў дизбеклери баўрайларына жайласқан «Алтынсай» аўылынан баслап, шексиз пахта атызларында аппақ шағырайып ашылған пахталар көрген көзди ерксиз өзине жаўлап алады.

Көзди қамастырарлық пахталар жерге көрк бергениндей, ҳәр бир нәлди мәпелеп өсирген берунийши дийқанлар «шөжени гүзде санайтуғын» пайытлары сынағынан қысынбай өтетуғынлығына исенимлери беккем. Тергенде уўысын толтырған пахтаны фартугине салыўға асыққан шәпик қоллы теримшилердиң қыймылы да, умтылысы да өнимли.

Әсирлер даўамында самал, сел, жаўын, дүбелейлер тасларын жемириўге урынса да, Қаратаў шыдам берип, сырын алдырмағаны сыяқлы, районның азаматлары тәбияттың қырсық минези алдында таў тасларындай қасарыс­қан минезлерин танытып, қыйыншылықларда тапланып, ырысқы-несийбесин молдан шөплеп киятыр. Ҳәр жылы тәрезиде тасы басым Беруний районы пахтакешлериниң қәдеми ҳәр қашанғыдан да шыйрақ.

ОН ТӨРТИНШИ МӘЎСИМНИҢ ТАБЫСЛЫ ҚЫРМАНЫ

Аз шығын жумсап, көбирек пайда алыўды ким қәлемейди? Райондағы «Иззат Жуманиязов» атындағы фермер хожалығы баслығы Жаббарберген Жума­ниязов, исине туяна, пахта егиўде қолы қабарған дийқанлардан. Есап-санағына пүтин. Усы қәсийетине бола, тараўға араласқалы еңбеги зая болмапты. Он төртинши мәўсимниң қәдеми қутлы келгени буның айқын тастыйығы.

Ала бәҳәрде 68 гектар майданға «Султан» элита туқымгершилик сортын сеўип, кем болмады. Жаңа сорт, ықлым шараятымызға бейимлилиги, зүрәәтиниң жоқарылығы фермердиң табысына унамлы тәсирин тийгизди. Нәтийже де ҳәр гектардан орташа 27 центнерден зүрәәт алынды. Ҳақыйқатында да, ғаўашаның ғөреклери тәрезиде тас басқандай салмақлы. Еле атыз жасырғандай ғөреклер баршылық.

Жаббарберген фермер, терим мапазында аўыл халқының жәрдемине сүйенгенди мақул көриўди әдетке айландырған. Сырттан көмекши алыўға зәрүрлик сезбейди. Быйылда Н.Нурымова, А.Розымова, Б.Нурымбетовалар жарыспаққа пахта терип шаңарақларына нобай пайда келтирди. Терген пахтасына берилген нақ пул, теримшилер арасында қызығыўшылық оятты. У.Абдижаббаровтың шаңарақ ағзалары мийнетине ылайық мәпленипти.

Қырман үйиў аңсат емес. Ең әўеле, фермерде жумысты шөлкемлестириў уқыбы болса, ҳеш қашан утылмайды. Ж.Жуманиязов бул пазыйлеттен қуры алақан емес. Техникасы жеткиликли, бул тәрептен асығы алшы. Басқаларға көмек сорап мойнын созбайды. Ғаўаша нәли көгергеннен, тәрбиялаў, суўғарыўдан терип алғанға шекем аўыл тур­ғынлары жәрдем қолын созыўға таяр. Бәлким, табыстың сыры усында шығар...

Дийқанға қарасқан ашық-жарық күнлерден пайдаланып,  терим пәтин асырып атырған фермер хожалығы ағзалары нийетлеген 40 центнерлик бәйгини қолға киргизерлик күн сайын жақынласқанынан дәрек береди.

ТӘЖИРИЙБЕГЕ ҚОЛ УРЫП ШЕП БОЛМАҒАН ФЕРМЕР

Түске жақын, қос тиркеме толыўға шамаласқан, «Иродохан Султанова» фермер хожалығы атызында ат басын ирктик. Пахтасын өлшетиўге гезек күткенлердиң кейпияты қуяш нурындай жадырап тур. Қап толған пахта тергеннен соң әнейи болсын ба? Мийнетине бола ҳақысы қолына тийген теримшиге бурынғы жыллардағыдай, пахтаға шық деп ҳәлексең...

Фермер хожалығы баслығы Баҳадыр Юлдашев пахташылық тараўындағы жаңаша тәжирийбелерге кет ары емес тайпасынан болып шықты.

— Мәмлекетимиз тәрепинен дийқаншылық тараўын раўажландырыўға дыққат қаратыўын қоллап-қуўатлайман. Быйыл, тамшылатып суўғарыў тәжирийбесине қол урдық. Дурыс, машақаты, мийнети көбирек. Бирақ, жеке өзим бул усылдан пайдаланып шеп болмадым. Тамшылатып суўғарыл­ған атызлардан ҳәзирге шекем ҳәр гектардан орташа 32 центнерден, қәдимги суўғарылған атызлардан 27 центнерден зүрәәт жетистирдик. Арадағы парықты анықлаўға қәниге болыў шәрт емес. Бул усыл пайдалы екенлигин толық ақлады. Ҳәр түпте 22-25 ғөрек байлағанын санап, гүздеги қырман төккен маңлай теримизди ақлайтуғынлығын шамалаған едик. Мәмлекетлик шәртнамамызды орынладық деп арқайынлыққа берилиўден аўлақпыз,-дейди фермер хожалығы баслығы Баҳадыр Юлдашев.

Екинши терим болыўына қарамай, зейниңди ашқандай аппақ пахталар өзине мәргиядай тартады. Дурысында да, фермердиң ықласына бергендей зүрәәт болыпты...

Қ.РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз,

Беруний районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1.Фермер Ж. Жуманиязов, ис жүргизиўши Ш.Аяпов пенен атыз басында.

2.Б.Юлдашев жәмәәт ағзалары арасында.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF