ТАҚЫЯТАС РАЙОНЫНЫҢ ПАХТАКЕШЛЕРИ ШӘРТНАМАЛЫ РЕЖЕСИН ОРЫНЛАДЫ
Тақыятас районының пахтакешлери мәмлекетимизге 5250 тонна пахта тапсырып, республикамызда биринши болып шәртнамалы режесин орынлап шықты.
Районда пахташылыққа қәнигелестирилген 53 фермер хожалығы тәрепинен 2600 гектар майданға шигит егилип, барлық агротехникалық илажлар өз ўақтында сапалы алып барылды. Усының нәтийжесинде атызларда мол өним топланды.
Жетистирилген өнимди жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай, зая етпестен жыйнап-терип алыў мақсетинде 50 отряд шөлкемлестирилип, 3500 ден аслам ықтыярлы теримши пахта далаларына шықты. Оларға атыз басларында ыссы аўқат шөлкемлестирилип, мәдений ҳәм саўда хызметлери көрсетилип барылды. Бүгинги күнге келип теримшилерге 4 миллиард сумнан зыят терим пулы тиккелей атыз басында тарқатылып берилди. Буннан тысқары, теримшилер арасында жарыс шөлкемлестирилип, жеңимпазлар қәўендер мәкемелер тәрепинен хошаметленип барылды. Усының нәтийжесинде бүгинги күнге 36 фермер хожалығы шәртнамалы режесин орынлап шығыўға еристи.
Атап айтқанда, «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Мадад батыр» фермер хожалығы 132 тонна орнына 159 тонна, «Рашид» фермер хожалығы 145 тонна орнына 153 тонна, «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Мустақиллик» фермер хожалығы 103 тонна орнына 112 тонна, «Туреев Султамурат» фермер хожалығы 110 тонна орнына 120 тонна, «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Азамат» фермер хожалығы 152 тонна орнына 204 тонна, «Гочмедова Бибиназ» фермер хожалығы 78 тонна орнына 86 тонна тапсырып, шәртнамалы режелерин бириншилерден болып артығы менен орынлаўға еристи.
— Президентимиз тәрепинен аўыл хожалығы тараўына қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде шәртнамалы режемизди ҳәр жылы орынлап киятырмыз,-дейди «Азамат» фермер хожалығының баслығы, «Ташаббус — 2013» таңлаўының жеңимпазы Байрамқылыш Дадабаев. — Атызларымызда зүрәәт мол. Қалған күнлерде жыйын-теримди босастырмастан, қосымша 80 тонна пахта тапсырып, улыўма зүрәәтлиликти 42 центнерге жеткермекшимиз. Быйылғы жылы пахташылықтың өзинен 500 миллион сумнан зыят сап пайда алыўды режелестирип отырмыз.
Шәртнамалы реже орынланғаны менен пахта атызларында жыйын-терим жумыслары даўам етпекте. Фермер хожалықлары қалған зүрәәтти де сепситпей жыйнап алып, республикамыздың бәлент қырманына өз үлеслерин қосыўды нийет еткен.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.