ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫН 2030-ЖЫЛҒА ШЕКЕМ АЎАЖЛАНДЫРЫЎ КОНЦЕПЦИЯСЫН ТАСТЫЙЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириўди системалы реформалаўдың әҳмийетли бағдарларын белгилеў, заманагөй билим ҳәм жоқары мәнаўий әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге ийе, еркин пикирлейтуғын жоқары маман кадрларды таярлаў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, жоқары билимлендириўди модернизациялаў, алдынғы билимлендириў технологияларына тийкарланған ҳалда социаллық тараў ҳәм экономикалық тармақларды раўажландырыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
а) Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын (кейинги орынларда — Концепция) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
жоқары билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў, аймақларда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў тийкарында жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 50 проценттен арттырыў, тараўда саламат бәсеки орталығын жаратыў;
Өзбекстан миллий университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетин мәмлекетимиз жоқары билимлендириў мәкемелериниң флагманына айландырыў;
республикадағы ең кеминде 10 жоқары билимлендириў мәкемесин халықаралық тән алынған шөлкемлер (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education ямаса Academic Ranking of World Universities) рейтингиниң биринши 1 000 орындағы жоқары билимлендириў мәкемелери дизимине, соның ишинде, Өзбекстан миллий университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетин биринши 500 орындағы жоқары билимлендириў мәкемелери дизимине киргизиў;
жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесин басқышпа-басқыш кредит-модуль системасына өткериў;
халықаралық тәжирийбелерден келип шығып, жоқары билимлендириўдиң алдынғы стандартларын енгизиў, соның ишинде, оқыў бағдарламаларына теориялық билим алыўға бағдарланған билимлендириўден әмелий көнликпелерди қәлиплестириўге бағдарланған билимлендириў системасына басқышпа-басқыш өтиў;
жоқары билимлендириўдиң мазмунын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, социаллық тараў ҳәм экономикалық тармақлардың турақлы раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын мийнет базарында өз орнын таба алатуғын жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў системасын жолға қойыў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң академиялық бийғәрезлигин тәмийинлеў;
жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў, илим, инновация ҳәм илимий изертлеўлердиң нәтийжелерин коммерцияластырыў жумысының үзликсиз байланыслылығын нәзерде тутатуғын «Университет 3.0» концепциясын басқышпа-басқыш енгизиў;
сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў, пуллы хызметлердиң көлемин кеңейтиў ҳәм басқа да бюджеттен тысқары қаржылар есабынан жоқары билимлендириў мәкемелеринде технопарк, форсайт, технологиялар трансфери, стартап, акселератор орайларын шөлкемлестириў және оларды тийисли тармақ, тараў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын изертлейтуғын ҳәм прогнозластыратуғын илимий-әмелий мәкемелер дәрежесине алып шығыў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, илимий-изертлеўшилери, докторантлары, бакалавриат ҳәм магистратура студентлериниң жоқары импакт-факторға ийе абырайлы халықаралық илимий журналларда мақалалар жәриялаўын, мақалаларға болған силтеме алыў көрсеткишлериниң өсиўи, сондай-ақ, республика илимий журналларын халықаралық илимий техникалық мағлыўматлар базасына басқышпа-басқыш киргизилиўин тәмийинлеў;
Өзбекстан жоқары билимлендириў системасын Орайлық Азияда халықаралық билимлендириў бағдарламаларын әмелге асыратуғын «хаб»қа айландырыў;
жоқары билимлендириўдиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, сырт ел билимлендириўи ҳәм илимий технологияларын тартыў;
студент-жаслардың тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратылған комплексли илажларды өз ишине алған бес басламаны әмелиятқа енгизиў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң инфраструктурасын ҳәм материаллық-техникалық базасын, соның ишинде, халықаралық финанс институтларының жеңилликли қаржыларын кеңнен тартыў есабынан жақсылаў, оларды басқышпа-басқыш өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеў;
билимлендириўдиң өндирислик кәрханалар ҳәм илимий-изертлеў институтлары менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўин жолға қойыў;
халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын, соның ишинде, имканияты шекленген шахсларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў, олар ушын инфраструктураға байланыслы шараятларды жақсылаў;
б) Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын 2019-жылда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Концепция тийисли дәўирге мөлшерленген мақсетли параметрлер ҳәм тийкарғы бағдарлардан келип шығып, ҳәр жылы өз алдына тастыйықланатуғын «Жол картасы» арқалы басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңес және Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының кеңеси тийкарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем түриндеги Республикалық жоқары билимлендириў кеңесин (кейинги орынларда — Кеңес) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
профессор-оқытыўшылар, студентлер арасында сораўнамалар өткериў, жәмийетшиликтиң ҳәм жумыс бериўшилердиң пикирин үйрениў және алдынғы сырт ел тәжирийбелерин таллаў арқалы жоқары билимлендириўдиң сапасын арттырыў, оқыў бағдарламаларын жетилистириў ҳәм заманагөй педагогикалық технологияларды енгизиў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
жоқары билимлендириўди мәмлекет тәрепинен басқарыў системасының нәтийжелилигине ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын жаратылған шараятлар, олар тәрепинен билим бериўде қолланылып атырған тәлим-тәрбия усылларының тәсиршеңлигине қалыслық пенен баҳа бериў;
билим бериўде жоқары сапаны тәмийинлеў бойынша тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды орнатыў, бул бағдарда ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да пуқаралық жәмийети институтлары менен жақыннан бирге ислесиў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысында ашық-айдынлық ҳәм қалыслықты тәмийинлеў, коррупцияға шараят жарататуғын факторларды сапластырыўға қаратылған комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
жоқары билимлендириў системасында кадрларды таярлаў, қайта тарялаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм педагоглардың илимий-инновациялық жумысын раўажландырыў бойынша жумысларды мазмунлы ҳәм мақсетли шөлкемлестириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
халықаралық байланыслардың нәтийжелилигин таллап барыў, биргеликтеги бағдарламалардың нәтийжелилигин баҳалаў, бирге ислесиўдиң жаңа түрлерин раўажландырыў, сырт елли профессор-оқытыўшыларды ҳәм сырт елдеги ўатанласларды жоқары билимлендириў системасына тартыў бойынша усынысларды таярлаў;
жоқары билимлендириў мәкемелери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм жетилистириў бойынша сырт елдиң алдынғы тәжирийбелерин үйрениў тийкарында оларды республика жоқары билимлендириў мәкемелери шараятында қолланыў бойынша усыныслар ислеп шықсын.
- Кеңес жумысының нәтийжелери, ислеп шығылған усыныслар Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң коллегия мәжилисинде жылына ең кеминде еки мәрте Кеңес ағзалары менен биргеликте көрип шығылатуғыны, нәтийжеси бойынша тийисли қарарлар қабыл етилетуғыны;
Кеңес тәрепинен таярланған усыныслар Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қурамында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер ҳәм уйымлар жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен мәжбүрий тәртипте көрип шығылатуғыны, олар Кеңеске ўазыйпаларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем беретуғыны, соралған зәрүр мағлыўматларды берип баратуғыны;
Кеңес жумысының нәтийжелери, жоқары билимлендириў системасын раўажландырыў бойынша ислеп шығылған усыныслар бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте Кеңестиң жумысын шөлкемлестириў бойынша ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин.
- Билимлендириўдиң сапасын жақсылаў бағдарындағы алдынғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў процесслерин жеделлестириў мақсетинде республика жоқары билимлендириў мәкемелери (Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети системасындағы жоқары билимлендириў мәкемелери буған кирмейди) басшы хызметкерлердиң сырт мәмлекетлерге хызмет сапарына шығыўын бойсыныўы бойынша тийисли министрликлер ҳәм мәкемени хабардар еткен ҳалда әмелге асырыў тәртиби енгизилсин.
Бунда жоқары билимлендириў мәкемесиниң басшы хызметкерлери тәрепинен сырт мәмлекетке хызмет сапары алдынан тийкарғы мағлыўматлар, соның ишинде, мәмлекеттиң аты, сапар мақсети ҳәм режеси, сапар нәтийжелери бойынша жоқары билимлендириў мәкемесиниң кеңесине әмелге асырылған жумыслар ҳәм қәрежетлер ҳаққында усынылған есабат жоқары билимлендириў мәкемесиниң веб-сайтына жайластырылады.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:
2019-жыл 1-декабрь күнине шекем 2030-жылға шекем республикадағы ең кеминде 10 жоқары билимлендириў мәкемесин халықаралық тән алынған шөлкемлер (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education ямаса Academic Ranking of World Universities рейтингиниң биринши 1000 орындағы жоқары билимлендириў мәкемелери дизимине, соның ишинде, Өзбекстан Миллий университети Самарқанд мәмлекетлик университети биринши 500 орындағы жоқары билимлендириў мәкемелери дизимине киргизиўди, бунда усы жоқары билимлендириў мәкемелерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың заманагөй механизмлерин енгизиўди нәзерде тутатуғын илажлардың режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
ҳәр жылы 1-декабрьге шекем өтип баратырған жыл бойынша тастыйықланған «Жол картасы»ның орынланыўы жуўмақларын пуқта үйрениў тийкарында концепцияны келеси жылда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» жойбарын ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;
«Жол карталары»ның орынланыўы бойынша турақлы мониторинг жүргизсин ҳәм оның нәтийжелерин ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине берип барсын.
- Төмендегилер усы Пәрманда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қәўендерлик қаржылары;
халықаралық финанс шөлкемлери, сырт мәмлекетлер ҳәм басқа да донорлардың кредитлери (қарызлар), грантларының қаржылары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа — жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың Концепция және «Жол карталарын» орынлаў бойынша жумысы ҳәм өз-ара бирге ислесиўин нәтийжели шөлкемлестириў, «Жол карталары»ның орынланыўын мониторинг етиў даўамында анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларына — Концепция ҳәм «Жол карталары»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў;
Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Маджидовқа — Концепцияның мақсетли көрсеткишлерине ерисиў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги және Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша шығыўлар ҳәм тематикалық көрсетиўлер шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы, 2019-жыл 8-октябрь.