Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:12:27, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕҢГЕНИҢ ЕКИНШИ ТӘРЕПИ

Бурын тек қыялый фантазиямызда сәўлеленген заманагөй мәлимлеме коммуникациялары, интернет тармақлары бүгинги күни әмелде өз көринисин таўып, ҳәр тәреплеме раўажланыў бағдарында шешиўши орынды ийелеп атырғанына ҳәмме гүўамыз.

Әпиўайы мектеп оқыўшысынан баслап интернет тармақларына кирип, өзине керекли мағлыўматларға ийе болмақта. Теңгениң екинши тәрепи болғанындай, бүгинги информация әсиринде дүньяны жаўлап алған интернет тармағының унамлы ҳәм унамсыз тәреплерин де мойынламасқа илажымыз жоқ. Бул пикиримизди мына мысал менен айқынластырыўға ҳәрекет етейик.

Жаслары елиўден өтип, аўыл аймақта кәтқудалық етип, төрели сөз айтатуғын, келешек жаслардың дурыс жолдан жүриўинде ақыл-кеңес беретуғын Қалбай Сейтмуратов ҳәм ағалы-инили Муратбай ҳәм Қоңыратбай Даўлетназаровлардың өзлерине ақыл-кеңес айтыўға туўры келип тур.

Усы жыл басында Қоңырат ра­йонлық Ишки ислер бөлими тәрепинен өткерилген «Комплекс» илажы даўамында пуқаралар Қ.Сейтмуратов, М.Даўлетназаров ҳәм Қ.Даўлетназаровларға тийисли «Samsung  Galaxy J5» ҳәм  «Samsung  Galaxy J2» маркалы уялы телефонларының «Телеграмм» ҳәм «Ватсап» видео ҳәм аудио файл папкалары ишинен Содиқ Самарқандий, Яхё Түркистоний, Махмуд Абдулмумин, Абдували Мирзаев ҳәм басқалардың диний мазмундағы шығып сөйлеўлери ҳәм оқыған лекциялары барлығы анықланған. Нәтийжеде олар бул ис ҳәрекетлери менен ҳәрекеттеги ҳуқықый норматив ҳүжжеттиң ти­йисли статьяларында көрсетилген ҳуқықбузарлықты ислегенлиги тас­тыйықланды.

Олардың бундай ҳуқықбузарлық ҳәрекетлери Қоңырат районы Ҳәкимшилик суды тәрепинен көрип шығылып, жәрийма жазасы тайынланды.

Б.ҚУРБАНОВ. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF