Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:45:56, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПӘН АЙЛЫҒЫ ТӘБИЯТ ПЕНЕН БАЙЛАНЫСЛЫ

Билимлендириў тараўы келешек әўлад тәр­биясындағы баслы итибар қаратылып атырған мәселе. Бул тәлим-тәрбия тараўындағы барлық хызметкерлерге үлкен жуўапкершилик жүклемекте.

Оның есесине оқытыўшыларға айрықша итибар ­ олардың мийнетлери хошаметленип атыр.

Оқыў жылының басланыўы менен ҳәр бир ай белгили бир пән айлығына арналыўы дәстүрге айланды. Оқыў жылының биринши ­ сентябрь айы география пән айлығы деп белгиленди.

География пәни қызықлы пәнлердиң бири. Бул пәнди ең дәслеп оқыўшыларға үйретип баслаған ўақытта-ақ тәбият пенен байланыста боламыз. Оқыўшылар ана-тәбият, тәбияттағы ҳәр қыйлы қубылыслар, материклер, дәрьялар, көллер, таўлар, океанлар ҳаққында, сондай-ақ, дүнья мәмлекетлери, олардың сиясий ҳәм экономикалық жағдайы ҳаққында мағлыўматлар менен танысады.

Хожели районы ХББне қараслы 35-санлы мектепте география пән айлығы қызықлы ҳәм мазмунлы өтти. Оқыўшылар өзлериниң бар билимлерин пән айлыққа арнап өткерилген викториналарда көрсетти. 8-класс оқыўшылары арасында «Жер ­ улыўмалық үйимиз», 9-класс оқыўшылары арасында «Ойлан, излен, тап!» викториналары шөлкемлестирилди. 16-сентябрь ­ Дүнья жүзилик Озон қатламын қорғаў күни мүнәсибети менен 5-6-класс оқыўшыларына видеороликлер көрсетилди, дөңгелек стол әтирапында сәўбетлер алып барылды. Оқыўшылар озон қатламы не екенлиги, оны не ушын қорғаўымыз керек екенлиги ҳаққында терең билимге ийе болды. Пән айлық «География ­ пәнлер султаны» деп аталған байрам кешеси менен жуўмақланды.

Сапура ЕШМУРАТОВА,

Хожели районы 35-санлы мектептиң тарийх-география пәни оқытыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF