Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:56:33, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫНДА

Усы жыл 5-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров ашты ҳәм алып барды. 

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлар сайлаўын өткериўши сайлаў округлерин дүзиў, сия­сий партиялардың сайлаўға қатнасыў ҳуқықын алыў ушын жыйналған сайлаўшылар имзаларының дурыс толтырылғанлығын тексериўши Экспертлик комиссиясын дүзиў ҳаққындағы мәселелер қаралды.

 Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары С.Қудайбергенов, комиссия ағзалары А.Икматова,  М.Юсупов ҳәм П.Жубановалар шығып сөйлеп, өзлериниң пикир және усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамының  9-статьясы ҳәм 14-статьяларына муўапық, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң усынысларына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутатлар сайлаўын өткериўши 65 округ дүзилди. Сондай-ақ мәжилисте Экспертлик комиссияны дүзиў ҳаққындағы қарар қабыл етилди.

Сайлаў округлериниң дизими жергиликли баспасөзде жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF