Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:41:11, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САНААТ ӨНИМЛЕРИН ЛОКАЛИЗАЦИЯЛАЎ ҲӘМ ЭКСПОРТТЫ ЖЕТИЛИСТИРИЎ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ

Усы жыл 5-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде аймақларда ислеп шығарыўды локализациялаў, импорт өнимлерин оптималластырыў  және кооперация байланысларын кеңейтиў, быйылғы жылға белгиленген экспорт прогнозы көрсеткишлериниң орынланыўына бағышланған  мәжилис болып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Э.Ғаниев шығып сөйлеп, усы жылдың өткен айларында исленген жумыслардың барысына ҳәм алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм түрлерин кеңейтиў, халықтың тутыныў товарларына болған талабын қаанатландырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Сонлықтан да өзимизде ислеп шығарылатуғын өнимлерди көбейтиў арқалы импортты қысқартыў мәселеси экономикамызда айрықша орын ийелемекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 24-августтағы «Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў және жергиликли атқарыў ҳәки­мияты  уйымларының өндиристи локализациялаў ҳәм санаат тармақларында кооперация байланысларын жеделлестириўдиң жаңа системасын енгизиў бойынша жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Усы қарар тийкарында өндиристи локализациялаў, кооперация байланысларын кеңейтиў, импорт көлемин азайтыў бағдарындағы жумыслар баслап жиберилди. Сондай-ақ, усы мәселелер бойынша жәрдемши лаўазымының енгизилгенлиги, локализациялаў ҳәм санаатта кооперация байланысларын кеңейтиў мәселелери бойынша турақлы тийкарда жумыс алып баратуғын жумысшы топардың дүзилгенлиги, импортты қысқартыў бойынша мәкемелер аралық мониторинг жүргизиў механизмлериниң ислеп шығылғанлығы кең имканиятларды жаратып бермекте.

Бүгинги күни 2019-2021-жылларға мөлшерленген локализация бағдарламасына киргизиў мақсетинде улыўма баҳасы 541,5  миллиард сумлық жәми 21 жойбар ислеп шығылды. Бул жойбарлар толық қуўатында ислеген жағдайда жылына  488 миллион долларлық импорт орнын басатуғын өним ислеп шығарылыўы күтилмекте.

Усылар менен бир қатарда, республикамыздың январь-август айларындағы сыртқы саўда айланысы жәми 487,8 миллион долларды қурап,  101,8 миллион долларлық унамлы сальдоға ерисилди.

Президентимиздиң пәрманы тийкарында Нөкис қаласында 165 гектар  жер майданында «Нөкис еркин экономикалық зонасы» шөлкемлестирилди.  Бул орында ҳәзирдиң өзинде сырт ел инвесторларынан жәми 22 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў жумыслары баслап жиберилди. Бул жойбарлардың иске түсирилиўи менен жақын жылларда импорт орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў көлеми еле де артады.

Локализациялаў ҳәм санаатта кооперация байланысларын кеңейтиў мәселелери бойынша жумысшы топар ағзалары қала ҳәм ра­йонларда болып, бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар менен танысты ҳәм өзлериниң әмелий жәрдемлерин көрсетпекте. Олар тәрепинен билдирилген усыныслардан тийисли жуўмақ шығарған ҳалда, ислеп шығырыўды локализа­циялаў, импортты оптималластырыў және кооперация байланысларын кеңейтиў, быйылғы жылға белгиленген экспорт прогнозының орынланыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF