ЖҮГИ АЎЫР КӘРЎАН КӨШ БАСЫНДА
Дийқанларды тыңласақ, быйыл ҳаўа райы ашық-жарық, жаўын-шашыны аз, өсип-раўажланыўы ушын жетерли муғдарда ыссылық алған, нәўпир суўлы, нағыз пахта менен бийдайдың жылы болыпты.
Заманымыздың талабына сай алдынғы қатардағы дүнья еллери ис-тәжирийбесинде сынап көрилген кластерлық усылда ислеўге ҳәр тәреплеме таярлықлар көрилип, дәслепки адымлар атылмақта. Дийқанның бурынғыдай зыянда қалыўына, таяр өним ислеп шығарыўшылар пайда көриўине жол қойылмай, бул тараўдағы бир тутас система турмысымызға жаңалық ретинде енгизилип атыр.
Неъмат Шамуратовтың еки жыл бурын ашқан, көп тармақлы 1524 гектарлық «Баҳром илғор» фермер хожалығы 16 қалақ фермер хожалығы есабынан дүзилипти. Алты ис жүргизиўши 50 гектарлық бөлимшелерге басшылық етип, бурыннан жумыс ислеўшилер қабыл етилгенде жыл он еки ай мийнет ҳақы төлеўге өткен. Банклерден аз өсимдеги алған кредитлерине киши машина-трактор паркин толықтырыў ушын сырт еллердиң жоқары қуўатлықтағы төрт «Орион» ҳәм егинниң қатар араларын ислейтуғын жаңа маркадағы «МТЗ-80» тракторлары менен басқа да керекли әсбап-үскене, механизмлери лизингке алынады.
Егин түрлери жердиң тегис болыўын қәлейди. Тегис жерден толық нәл алынып, суўды үнемлеўге жақсы. Соның ушын, жерлерди лазер усылында тегислейтуғын технологиялар менен сеялкалар алынып, 270 гектарлық шигит егилген майданның тең жартысы, 105 гектар бийдай толығы менен жаңа усылда егилген.
Тынымсыз изленис, ойласықтан кейин пахтаның аз суў талап ететуғын жоқары зүрәәтли «Султан» сорты тақ қатар болса гектар есабына 90 мың түп, қос қатарда 135 мың түптен туўра келгени зүрәәтлиликтиң артыўына себепши болған.
Биринши теримниң өзинен l00 тонналық шәртнама жобасын орынлап, хожалығымыздың 543 тонналық бәлент қырманына өз үлесимизди қостық, - дейди үшинши бөлимшениң ис жүргизиўшиси Мырзабай Нуржанов.
Жыл даўамында тынымсыз, пидакерли мийнет еткен механизаторлардан А.Юсупов, Г.Хасанов, жыйын-терим мапазында күнине 100-120 килограммнан асырып пахта терип жүрген алдынғы теримшилерден У.Арзымбетова, А.Сейдуллаева, А.Атамуратова, А.Генжебаевалардың атлары ҳүрмет пенен тилге алынады.
Атызларымызда шәртнаманы еки есе зыятына орынлағандай өним топланған. Гүзлик бийдай тәрбиясы агротехникалық қәделерге сай алып барылмақта. Азық-аўқатлық ҳәм от-жемлик егинлерден де мол зүрәәт алынды, - деп ис жүргизиўши Мырзабай Нуржанов табысларын бирме-бир санап өтти.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ, өз хабаршымыз.
Шоманай районы.