Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:42:01, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘС ҲАЛДА БАСҚАРЫЎДЫҢ АҚЫБЕТИ

Бүгинги күнге келип инсаният турмысы жедел пәтлер менен раўажланбақта. Турмысымызға түрли техникалар кирип келип, аўырымызды жеңил етпекте.

Халықтың санының көбейиўи менен транспорт­лардың түрлери менен саны да, оларға болған мүтәжлик те артпақта. Солай екен, жолларда ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў ең әҳмийетли мәселелердиң бирине айланбақта.

Лекин, бес бармақтың бирдей болмағанындай, транспорт басқарыўшыларының арасында әмелдеги жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын мисе тутпай, оларға бийпарық қарайтуғынлар да табылып қалады. Мине усындай заманласларымыздың бири Я.С. 2018-жыл 29-июнь күни саат 21.00 лер шамасында өзиниң бас­қарыўындағы «Кобальт» маркалы, мәмлекетлик белгиси 95 444 ААА болған автомашинасын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарары менен тастыйықланған ҳәм 2016-жыл 1-марттан баслап күшине кирген «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 7-бәнти талапларын бузған ҳалда Нөкис қаласы, Абдамбетов көшеси бойлап ҳеш қандай ҳүжжетсиз, яғный, исеним хатысыз, қамсызландырыў полисисиз ҳәм де спиртли ишимлик ишип, мәс ҳалында басқарып киятырғанында мәмлекетлик автоинспекция хызметкерлери тәрепинен иркилген. Өзиниң бул ҳәрекетлери менен пуқара Я.С. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 131-статьясы 1-бөлими, 135-статьясы 2-бөлими ҳәм 1351-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген ҳуқықбузарлықты әмелге асырған.

2019-жыл 10-июньде Нөкис қаласы «Ботаника бағы» МПЖ имаратында өткерилген көшпели ашық суд мәжилисинде пуқара Я.С. тәрепинен исленген ҳуқықбузарлық көрип шығылды. Лекин, ҳуқықбузар Я.С. бул мәжилиске тийисли тәртипте телеграмма арқалы шақырылғанына қарамастан келмегенлиги себепли суд Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 294-статьясына тийкар оның алдын ала сорастырыў дәўиринде берген көрсетпеси менен шекленип, ҳәкимшилик ис бойынша Я.С. ның қатнасыўысыз шешим қабыллаўды лазым тапты.

Судтың ҳүкимине бола, ҳуқықбузар Я.С. ға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң ти­йисли статьяларына тийкар бир жыл алты ай мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў     ҳуқықынан айырыў ҳәм ти­йисли муғдарда жәрийма жазасы тайынланды.

Жеке меншигинде автомашинасы бар пуқаралар ҳәм хызмет машинасын бас­қарыўшылар жоқарыда келтирилген ўақыядан тийисли жуўмақ шығарып, алдағы ўақытлары ҳәрекеттеги жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етеди, деген ойдамыз.

 

 

Ә.СӘРСЕНБАЕВ,

ҚМУ магистратура бөлиминиң 1-курс студенти,

С.БИСЕНБАЕВ,

Нөкис районы Ҳәкимшилик суды судья жәрдемшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF