БИЛИМЛЕНДИРИЎ:ЖАҢАЛАНЫЎЛАР, ӨЗГЕРИСЛЕР
Мәмлекетимизде кейинги үш жылдың ишинде халық билимлендириў тараўына түп-тийкарынан өзгерислер енгизилди. Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бир қатар Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, усы тийкарда кең көлемли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасындағы жәми 725 улыўма билим бериў мектеплеринде 346 мыңнан зият оқыўшы тәлим-тәрбия алмақта. Оларға 33602 педагог-хызметкерлер билим сырларын үйретип атыр. Елимиздиң келешеги жаслар қолында екен, бул бағдарда оларға тәлим-тәрбия берип атырған педагог-хызметкерлерге итибар қаратыў билимлендириў тараўындағы баслы мәселелерден бири болып табылады. Сол себепли, педагог хызметкерлердиң жәмийеттеги абырайын көтериў, оларды материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметлеў арқалы кең имканиятлар жаратылмақта.
Ҳәзирги ўақытта улыўма билим бериў мектеплеринде оқыўшы-жасларға тәлим-тәрбия бериўде пидайылық пенен мийнет етип киятырған оқытыўшыларымыздың жәмийеттеги абырайы арта баслады. Себеби, Президентимиз тәрепинен муғаллим ҳәм устазлардың айлық ис- ҳақылары белгили дәрежеде арттырылды, олардың шаңарақ ағзаларының исбилерменлик пенен шуғылланыўына имканиятлар жаратылды, мәжбүрий мийнеттен азат етилди, қайсы муғаллим пидайылық пенен мийнет етип, келешек әўладларға сапалы билим ҳәм тәрбия берсе, яғный, билимлендириў тараўының раўажланыўына ҳәр тәреплеме үлес қосса, олар өз мийнетине қарай мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланып атыр. 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсийбети менен Ўатанымыздың жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары менен тоғыз устаз сыйлықланды. Соның менен бирге, педагог-хызметкерлерди жаңа үлгидеги арзан турақ жайлар, автотранспорт қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлер бериў, олардың шаңарақ ағзаларына исбилерменлик жумысы ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў системасы жолға қойылған.
Әлбетте, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ҳүкиметимиз тәрепинен көрсетилип атырған бундай шараятлар муғаллимлер ҳәм устазларымыздың өз кәсибине деген меҳрин және де арттырды.
Билимлендириў тараўына қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде, өткен қысқа ўақыт ишинде мектеплеримизде оқыўшы-жасларымызға терең билим ҳәм тәрбия бериў барысында нәтийжелер көзге таслана баслады.
Мәселен, усы жылы 8-10-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өткен улыўма билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары, орта арнаўлы, кәсип-өнер колледжлери оқыўшы-жаслары арасында пәнлер олимпиадасында 5 оқыўшымыз сыйлы орынларды ийелеп, командалық есапта Ташкент қаласынан кейин сыйлы 2-орынды ийеледи.
Пән олимпиадасында сыйлы орынларды ийелеген оқыўшы-жасларымыз пән бағдары бойынша жоқары оқыў орынларына тест сынағысыз кирип, студентлик бахытқа миясар болды.
Сондай-ақ, усы жыл август айында Қубла Африка мәмлекетиниң Дурбань қаласында мектеп оқыўшылары арасында болып өткен Халықаралық математика жарысына Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Дамир Дилмуратов қатнасып, бронза медалын алыўға ерискен болса, усы жылдың 21-июлинен 1-августына шекемги аралықта Россия Федерациясының Санкт-Петербург қаласында мектеп оқыўшылары арасында экономикалық билим тийкарлары пәни бойынша инглис тилинде болып өткен Халықаралық таңлаўға Нөкис қаласындағы 46-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Алибек Әметбеков Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасып, өз билим көнликпесин арттырып қайтты.
Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги жанындағы Гидрометеорология хызмети орайы тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен оқыўшы жаслар санасында экологиялық мәдениятты қәлиплестириў бойынша «Ықлым қутышасы» оқыў-ойын қолланбасы темалары тийкарында 2019-жылдың апрель айында Қазақстан Республикасында өткерилген 8 халықаралық Экологиялық жойбарлар таңлаўында Мойнақ районы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Бийбихан Салиеваның жойбары 1-орынды, Нөкис қаласы 20-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Ботакөз Ермагамбетованың жойбары 2-орынды ийеледи. Нәтийжеде Бийбихан Салиева Россия мәмлекетиндеги «Орлёнок» дем алыў орайында болып қайтты.
Усы жылдың 5-март сәнесинде оқыўшылардың халықаралық «Живая классика» жас дөретиўшилик оқыўы бойынша республикалық таңлаўының жуўмағында Нөкис қаласы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Айгул Низаматдинова Өзбекстан көлеминде жеңимпаз болып, Россия мәмлекетиндеги «Артек» дем алыў орайында болды.
Педагог хызметкерлеримиз де бир қатар унамлы жетискенликлер көрсетип келмекте, Атап айтқанда, 2019-жылдың 4-июнь сәнесинде Русская Гуманитарная Миссия шөлкеми жәрдеминде «Ең жақсы рус тили муғаллими» таңлаўында қатнасып, жеңимпаз болған Нөкис қаласы 34-санлы улыўма билим бериў мектебиниң рус тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Артур Тен ҳәм Әмиўдәрья районы 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң рус тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Нодиржон Таджимов усы жылдың 7-июнь күни Ташкент қаласында Миллий китапханада сыйлықлаў мәресиминде қатнасып, соң Россия мәмлекетиниң Москва қаласына жоллама алыўға миясар болды.
Россия мәмлекетинде рус тили муғаллимлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде А.С.Пушкин атындағы XIX халықаралық таңлаўда Республикалық оқыў методика орайының рус тили ҳәм әдебияты пәни методисти Мийригүл Бердибаева өз эссеси менен қатнасты. Дүнья жүзиндеги көпшилик мәмлекетлерден рус тили ҳәм әдебияты пәни бойынша методист, пән муғаллимлери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары қатнасқан таңлаўда ол Пушкин атындағы сыйлықтың лауреаты болды ҳәм усы жылдың сентябрь айында Россия мәмлекетиниң Москва қаласына барып, тәжирийбе алмасыў имканиятына ийе болды.
Бул табыслар әлбетте, Ҳүрметли Президентимиздиң билимлендириў тараўы хызметкерлерине қаратып атырған дыққат-итибарының нәтийжеси, деп билемиз.
Республикамыздағы гүллән муғаллим ҳәм устазларды елимизде кең түрде белгиленип атырған кәсиплик байрамы 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен қызғын қутлықлаймыз. Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, келешек әўлад тәрбиясындғы машақатлы, жуўапкерли, әдиўли ҳәм ийгиликли ислериңизде талмас күш-жигер, тилеймиз.
Тахир ДӘЎЛЕТМУРАТОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң
методикалық хызмет көрсетиў бөлиминиң методисти.