Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:05:30, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАҚЛАЎШЫЛАР МЕНЕН ИСЛЕСИЎ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ БЕЛГИЛЕНДИ

Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Сайлаў қатнасыўшыларының халықаралық бақлаўшылар ҳәм сырт  ел ғалаба хабар қураллары менен өз-ара мүнәсибетлерге таярлаўға мәселесине бағышлан­ған семинар-тренинг болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Орайлық сайлаў комиссиялары тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға Орайлық сайлаў комиссиясы, халық­аралық бақлаўшылар ҳәм сырт  ел ғалаба хабар қураллары менен ислесиў бойынша штабтың жумысына қатнасыўшы мәмлекетлик уйымлар, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшылары, республикалық мәсләҳәт топарының ағзалары, сиясий партиялардың ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды  Қарақалпақстан Республикалары Орайлық сайлаў комиссияның баслығы Е.Джуманазаров басқарып барды.

Республикалық мәсләҳәт топарының ағзасы Ф.Маликов, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының тренерлери А.Камилов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасы С.Қудайбергенов шығып сөйлеп,  2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырыл­ған жумыслар, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының «Өзбекстан Республикасы сайлаўларында  сырт еллерден ҳәм халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшылар ҳаққында»ғы Режесиниң мазмун-мәниси,  сайлаўға байланыслы  нызамшылықтағы өзгерислер, сондай-ақ, сайлаўға қатнасыўшылардың билим және көнликпелерди арттырыў мәселелерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Конституцияларына муўапық, 2019-жыл 22-декабри-елимизде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине сайлаўлар күни деп белгиленди. Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексине, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, 2019-жыл 20-сентябринен сайлаў кампаниясының басланғанлығы жәрияланды.

Cиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, сондай-ақ, басқа мәмлекетлер ҳәм халық­аралық шөлкемлерден бақлаўшылар өз жумысын тийисли комиссиялар тәрепинен берилген мандатлар тийкарында әмелге асырады. Мәпдар шөлкемлер өз бақлаўшылары ҳаққында сайлаў комиссияларына сайлаўдан кеминде он бес күн алдын арза менен мәлим етеди. Арза алынғаннан кейин бес күн ишинде сайлаў комиссиясы бақлаўшы ушын мандат береди.

Илажда болажақ сайлаўды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша ўазыйпалар белгиленди ҳәм қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF