ВЬЕТНАМЛЫ МИЙМАНЛАР ҮЛКЕМИЗДЕ
Усы жыл 27-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Вьетнам аўыл хожалығы министрлиги эксперти Тран Куанг Чжиуды қабыллаў мәресими болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳүрметли мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, елимизде аўыл хожалығы тараўын жетилистириў бойынша раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесин қолланыўда алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, аўыл хожалығы егинлеринен жоқары өним алыўда жерлердиң мелиоратив аўҳалын, сондай-ақ, ирригация ҳәм мелиорация тармақларын жақсылаў тийкарғы ўазыйпалардан саналады. Бул бағдарда республикамызда нәтийжели жумыслар жүргизилмекте.
Өз гезегинде Вьетнам аўыл хожалығы министрлиги эксперти Тран Куанг Чжиу жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Илаж даўамында жерлерден жоқары өним алыўда Вьетнам ҳәм Қытай тәжирийбелери бойынша өз-ара пикир алысыўлар болды.
А.ОРАЗОВ,
арнаўлы хабаршымыз.