ӘСКЕРИЙ ОРКЕСТРДИҢ КОНЦЕРТИ
Халқымыз саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек дейди. Ҳақыйқатында да, жақсылық инсан өмирин гөззал етиўши әмеллерден болып, ол өзи менен меҳир-муҳаббатты да бирге алып жүреди.
Арқа-Батыс әскерий округи Нөкис гарнизонының Руўхый ҳәм ағартыў орайы, Хожели районы Қорғаныў ислери бөлими, Руўхый ҳәм ағартыў орайы Хожели районлық бөлиминиң шөлкемлестириўи менен «Жаңажап» аўылындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 7-класс оқыўшысы өткир эритроид лейкоз кеселлиги диагнозы анықланған Маҳлиё Камалованың саўалып кетиўи ушын руўхый күш бағышлаў мақсетинде қайырқомлық концерти шөлкемлестирилди.
Концертте республикамызға белгили эстрада қосықшылары, 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары, әскерий оркестр жәмәәти ҳәм Қураллы Күшлер хызметкери Баҳрам Мәдреймов атқарыўындағы қосық ҳәм намалар тыңланды. Өзине көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамқорлықтан шексиз қуўанышқа бөленген 13 жасар Маҳлиёның көзлеринде миннетдаршылық ушқыны менен бирге жасаўға деген умтылыў ҳәм кеселликти жеңип өтиўге болған исенимди көрдик.
Илажда Маҳлиё да сөзге шығып, әскерий хызметкерлерге «Мен бахытлыман, рахмет сизлерге!» деп өзиниң миннетдаршылығын билдирди.
Қызымның күлимлеўи мениң ең жақсы күним, - дейди l-санлы мектептиң Жасларды шақырыққа таярлаў пәни муғаллими, Маҳлиёның әкеси Жаңабай Маңғытов. Әскерий хызметкерлердиң келиўинен тек ғана қызым емес, бәлки, аўылымыз жаслары да шадлыққа бөленди. Бизлерге руўхый жәрдем көрсеткен инсанларға мыңнан бир рахмет...
АРҚА-БАТЫС ӘСКЕРИЙ ОКРУГИ БАСПАСӨЗ ХЫЗМЕТИ.