Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:17:38, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОРФОГРАФИЯМЫЗ ТАРИЙХЫНА  БИР  НӘЗЕР…

1933-жылы Қарақалпақстан халық билимлендириў комиссариатының Шымбай ҳәм Тахтакөпир аймақларына экспедицияны шөлкемлестириў ҳаққындағы қыстаўлы буйрығы шығады.

Буның тийкарғы себеби, қарақалпақ жазыўының араб жазыўынан латынға өткериўдеги 1932-жылы болып өткен биринши имла конференцияның жумыслары толығы менен сәтсизликлерге ушыраўы менен байланыслы болады. Жүзеге келген мәселелерди шешиў мақсетинде республика басшылары менен жәмийетлик шөлкемлер екинши имла конферен­циясына болған таярлықларды баслап жибереди.

Бул таярлықлардың ишинде халық комиссариатының буйрығына муўапық орфографиялық материалларды жыйнаў мақсетинде үш адамнан қуралған экспедиция шөлкемлестириледи.

  1. Экспедиция басшысы ­ Қарақалпақ Комплексли илим-изертлеў институтының мәденият секторының меңгериўшиси тюркология профессоры, лингвист ҳәм түркология тарийхы бойынша маман Соколов Анатолий Алексеевич.
  2. Усы институттың мәденият секторының илимий хызметкери Аимбетов Қаллы тюрколог ­ лингвист ҳәм тюркий әдебиятлар тарийхшысы.
  3. Институттың мәденият секторының илимий хызметкери Кусекеев Оразалы ­ тюрколог этнограф.

1933-жылы А.Соколовтың басшылығындағы экспедиция өз жумысларын баслап жибереди. Бул жумыслар қыстың қақаман суўық күнлерине сәйкес келгенликлери себепли жүдә қыйын шараятларда өтеди. Ат арбаларда Төрткүл қаласынан Шымбай ҳәм Тахтакөпир аймақларына қарай жол алады. Жол жүрислер өнбейди. Күнниң ҳәдден суўық болыўы себепли жолдың көпшилик бөлимин жаяў басып өтиўге туўры келди, қалаберсе, ўақты-ўақты қар менен аралас көтерилген күшли даўыллар және де қосымша қыйыншылықларды туўдырады.

Әмиўдәрьяның бойындағы тоғайлықларда жолбарыс, қасқырлар тодасы болыўы итималы экспедиция ағзаларының өмирине бәрқулла қәўип туўдырып отырған. Түнди тоғайзарлықта өткерген. Жағылған от өшип қалмаўы ушын гезеклесип нәўбетшилик еткен. Бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў мақсетинде мылтықларын оқлап, бәрҳама қасларында алып жүрген. Таң атыўдан және жолға рәўана болған.

Жол азаплары менен шаршаўларына қарамастан экспедиция ағзалары өз мәнзилине жеткеннен ке­йин қыстаўлы түрде халық арасында қарақалпақ хал­қының бәрше тараўдағы кәсиплик, рәң-бәрең салт-дәстүрлери менен аўызеки әдебиятынан үлгилер жыйнаған. Ўақыт жүдә ҳәм қысқа болып, Қарақалпақстан халық билимлендириў комиссариаты буйрығына муўапық оларға бир ярым ай ғана ўақыт берилген еди.

Экспедицияның дәслепки жумыслары қарақалпақ тили диалектологиясы бо­йынша материалларды жыйнаўдан баслайды. Сол дәўирдеги тилдиң жағдайларын үйрениўге ҳәрекет етиўлери менен бир қатарда гөнерип қалған сөзлерди анықлаған. Буның тийкарғы себеби, сол дәўирдеги сиясий терминлердиң қарақалпақ тилине кирип келиўи арқалы жергиликли халықтың сиясий саўатлылық дәрежесин анықлаўдан ибарат болды.

Топланған материаллар ишинде балалар қосықлары, муҳаббат лирикасы ҳәм жоқлаў қосықлары орын алған еди.

Түрли кәсип ийелериниң мийнет тәрбиясына бағышланған қосықлар жыйналады. Бурынғы ҳәм соңғы жыллар шығарылған қосықлар мазмуны классификацияланады.

Шымбай ҳәм Тахтакөпир елатындағы түрли кәсип ийе­лериниң турмыслары менен танысып, олардың рәң-бәрең қурал-сайманларының аталыўлары, сондай-ақ, булардың латын графикасында жазылыў тәртиплерин ойластырып жүреди.

Экспедиция ағзаларының нәзери балалар ойынларына да түседи. Қарақалпақ халқының тарийхый ҳәм қаҳарманлық дәстанлары бойынша материаллар жыйналады. А.Соколовтың экспедиция материалларындағы есабатында, бул өтмиштеги феодаллық дүзимдеги жүзеге келген класслар арасындағы қарама-қарсылықлар деп көрсетеди.

Қәдимги ҳәм сол дәўирдиң халық поэзиясының үлгилери жыйналады. Бул халық дөретпелериндеги шарўашылық, бағшылық ҳәм тағы да басқа аўыл хожалық тараўындағы мийнет етип атырған адамлардың жумысы сәўлеленеди. Буларда қәдимги ҳәм соңғы дәўирлерде жаратылған дөретпелер бойынша классификациялық жумысларды әмелге асырады.

Топография бойынша пайда болған машқалаларды фольклорлық дөретпелердеги материаллардан пайдаланыў кереклиги бо­йынша усыныслар билдириледи. Сондай-ақ, экспедиция ағзалары түрли тараўлардағы турмыс хызметлериниң көринислерин сәўлелендиреди.

Қарақалпақ тилиниң араб жазыўынан латынға өтиў мәселесинде орайлық қаладағы Россия тюрколог алымлары С.Е.Малов,     А.К.Боровков, Н.А.Баскаков та қатнасады. Олар илимий топламларда қарақалпақ тилиниң орфографиясы бо­йынша илимий мақалаларын жәриялап барады. Бул орында орфография мәселелерине бағышланған жергиликли алымлар да республикалық газета бетлеринде дискуссиялық мақалалары менен қатнасады.

Конференцияға таярлық жумыслары әмелге асырылып болынғаннан кейин 1935-жылы Төрткүл қаласында екинши имла конференциясы өз жумысларын баслайды. Конференция басланыўдан-ақ қарама-қарсы пикирлер жүзеге келеди. Дискуссиялар барған сайын ҳәўиж алып, пикирлер плюреализми шыңына жетеди.

Бир-бирине сәйкес келмейтуғын пикирлер кесилиспесиниң жүзеге келиўлери нәтийжесинде жаратыл­ған жойбарлардың бирде-биреўи өз тастыйығын таба алмайды. Нәтийжеде қаралып атырған мәселе сиясий машқалаға айланады.

Жүзеге келген машқаланы тек ғана жәмийетке тәсир ете алатуғын зәбердес шахстың алып шығатуғынлығы сезиледи.

1938-жылы Төрткүл қаласында III имла конференциясы да өз жумысын баслап жибереди. Бул конференцияда орын алған тартыслы мәселелер бурынғы конференциялардан қалыспайды. Қайта күшейип кетеди.Бирақ, бул додалаўларда Нәжим Дәўқараевтың шығып сөйлеўи конференция қатнасыўшыларында жақсы тәсир қалдырады. Оның сөзи саўатлылығы, мәдениятлылығы, ораторлығы менен ажыралып турады ҳәм конференция қатнасыўшыларына тәсир көрсете алады. Нәжим Дәўқараев басшылығындағы дүзилген жойбар жеңип шығады.

1940-жылы болса қарақалпақ жазыўының кириллицаға өтиў мәселеси де оның басшылығындағы жойбар бир аўыздан тас­тыйықланады.

Қызыл империя дәўириндеги жазыўлардың алмасыўы сиясий мапаз болып қабыл етилди. Оған қарсы болғанлар репрессияға дуўшар болады.

Ал, миллий тиллердиң кириллицаға өтиўин мақулламаған ҳәм оған қарсы бол­ған талантлы рус тилши алымы Е.Д.Поливанов 1937-жылы қамаққа алынады ҳәм атыў жазасы бериледи.

Алфавитлердиң алмасыў дәўиринде жаңа алфавит ҳәм имла қағыйдаларына өте алмаған 11 миллий тилдиң дәслеп жазыўлары, оннан кейин тили жоғалып кетеди.

Ал, қарақалпақ тилине келетуғын болсақ, араб жазыўынан латынға өтиў ҳаққындағы пәрман 1928-жылы қабыл етилгени менен оның орфография қағыйдалары 1938-жылы бекитилди. Арадан он жыл өткеннен кейин ғана бул қарардың әмелге асыўы ­ ана тилимиздиң жар жағасында турғанлықларын аңлатар еди.

Арадан еки жыл өтер-өтпестен-ақ кириллица алфавити менен оның қағыйдаларының Нәжим Дәўқа­раевтың басшылығындағы жойбардың бир аўыздан бекитилиўи, бул инсанның қарақалпақ халқы ушын теңи-тайы жоқ хызметлерди атқарғанын көремиз.

Ал, А.Соколовтың басшылығындағы экспедиция ағзаларының материаллары болса соңғылықта системаға түсирилиўи менен бир қатарда классификацияланып шығылады. Дөретилген бул мийнетлер қарақалпақ әдебияты менен тил илиминиң тиклениўи, оның раўажланыў жолында бийбаҳа дереклик хызметин атқар­ғанлығын айрықша атап өтемиз.

 

 

Мақсет АЙЫМБЕТОВ,

филология илимлериниң докторы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF