Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:26:29, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨТЕРИҢКИЛИК РУЎХЫНДА  ӨТКЕРИЛДИ

Бүгин мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, миллий мәдений орайлар менен ислесиўди және де раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Елимизде 130дан аслам ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай дос ҳәм туўысқан болып жасап  мийнет етип атырғанлығы мәмлекетимизде диний кеңпейилликтиң, миллетлераралық татыўлықтың жақсы жолға қойылғанлығынан дерек береди.

Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент-жаслар арасында профилактикалық илажларды күшейтиў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған «Өзбекстан — Миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик журты» атамасындағы ушырасыў шөл­кем­­лестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң дин ислери бойынша қәнигеси Н.Жамалов ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Баянатшылардың атап көрсеткениндей, Өзбекстанда ғәрезсизлик жылларында көп миллетли халқымыздың бир мақсет, бир идея жолында бирлесип, ҳәммеси ана Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы ушын тер төгип мийнет етип атырғанлығын, мәмлекетимизди раўажландырыў жолында қолға киргизип атырған табысларын мақтаныш пенен тилге алсақ арзыйды.

Елимизде жаслар арасында миллий ғәрезсизлик идеяларын, халқымыздың бай мәдений мийрасын ҳәм руўхый әдеп-икрамлылық дәстүрлерин, миллетлераралық татыўлық, диний кең­пейиллик идеяларын кеңнен үгит-нәсиятлаў,  инсаныйлық пазыйлетлерди беккемлеў, жаслардың санасында «Өзбекстан — улыўма үйимиз!» идеясының әҳми­йетин түсиндириўге қаратыл­ған илаж жоқары көтериңкилик руўхында даўам етти.

 

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF