МИЙНЕТ ГҮЎАЛЫҒЫ ҚАЛАЙ БЕРИЛЕДИ
Усы жыл 9-июль сәнесинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын ўақытшалық мийнет гүўалығын енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Қабыл етилген қарарда 2019-жыл 1-сентябрьден баслап өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға ўақытша мийнет гүўалықлары, олардың гүўалыққа ийе болған дәўириндеги мийнет стажларын есапқа алыў және басқа да жеңиллетилген имканиятлардан пайдаланыў ҳуқықы берилиўи нәзерде тутылған. Бул бойынша халықтың кеңирек түсиникке ийе болыўы ушын биз Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң кәсипке кайта таярлаўды шөлкемлестириў сектор баслығы Рүстем Қалжанов пенен гүрриңлестик.
Рүстем Жалғасбаевич дәслеп сәўбетимизди жоқарыда атап өтилген қарардың мазмун-әҳмийети менен басласақ?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-марттағы «2019-жылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша мәмлекетлик буйыртпа ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын ўақытша мийнет гүўалығын енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарардан гөзленген мақсет халқымызды өзин-өзи бәнт етиў есабынан өзин мийнет дәраматы менен тәмийинлейтуғын шахслардың мийнет жумысын тәртипке салыўға қаратылғанлығы менен әҳмийетли болып табылады.
Усы жерде өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар деп хызметлер көрсетиўди, жумысларды орынлаўды бийғәрез түрде әмелге асыратуғын, жеке түрдеги исбилермен сыпатында дизимге алынбаған ҳәм жалланба мийнеттен пайдаланбайтуғын физикалық шахслар мийнет стажын есапқа алыў ҳәм хошаметлеўши жеңилликлерден пайдаланыў ҳуқықы менен ўақытша мийнет гүўалықларын рәсмийлестирген шахсларға айтылады. Мысалы ушын айтатуғын болсақ, өз үйинде репетиторлық пенен шуғылланып атырған пуқаралар, усташылық ҳәм аспазлық пенен шуғылланыў, аўыл хожалығы өнимлерин жыйнап алыўда көмеклесиў, шарўа малларын бағыў, наўқаслар ҳәм кекселерге қарап атырған пуқараларға, улыўма қарарда көрсетилген 24 жумыс түрлерине ўақытша мийнет гүўалығын рәсмийлестирсе, оларға мийнет стажы жүргизиледи.
Мийнет гүўалығын алыў ушын пуқаралар қай жерге мүрәжат етиўи мүмкин?
Ўақытша мийнет гүўалығын алмақшы болған пуқаралар қала ҳәм районлық Халық бәнтлигине көмеклесиў орайларына мүрәжат етип, пуқаралардың мүрәжатлары 3 күн ишинде көрип шығылады. Өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға мийнет гүўалығы 1 айдан 12 айға шекемги мүддетке мийнет уйымлары тәрепинен олардың турақлы жасаў орнына қарамастан (экстерриториялық принципи бойынша) пуллы тийкарда бериледи. Төлем муғдары ең кем мийнет ҳақы есесинде есап-санақ етиледи. Усы төлемлерди өндириўден түскен түсимлердиң бир бөлими өзин-өзи бәнт еткенлердиң пенсия қамсызландырылыўын тәмийинлеўге мақсетли бағдарланады. Ўақытшалық мийнет гүўалықлары берилген сәнеден баслап ҳәм олар әмел етиўиниң пүтин дәўири пенсияны есаплап шығарыў ушын пуқаралардың мийнет стажы есапланады. Яғный, пенсия жасына шамаласып турған жумыссыз пуқаралар өзин-өзи бәнт етиў менен шуғылланса, пенсия напақасына шығыўда пайдасын тийгизеди. Бунда өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға пенсия Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 8-декабрьдеги қарары менен тастыйықланған Мәмлекетлик пенсияларды тайынлаў ҳәм төлем тәртиби ҳаққындағы нызамында белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Қарардың қандай абзаллық тәреплери бар?
Мийнет гүўалығында көрсетилген өзин-өзи бәнт етиў тәртибиндеги жумысларды әмелге асырыў ўақты «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық, пенсия алыў ҳуқықына ийе болған пайыттан баслап, жасқа тийисли, майыплық ҳәм бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын есаплаў ушын қабыл етилетуғын мийнет стажына есапланады. Тағы бир жеңиллик, мийнет гүўалығын рәсмийлестирген өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар кәсипке оқытыў курслары ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде қысқа оқыў курсларында кәсипке бағдарлаў ҳәм исбилерменлик көнликпелерине ийе болыўда бийпул оқытылады. Мине, бул да өзин-өзи бәнт етиўшилерге ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған қолайлы шараятлардың бири.
Мийнет гүўалығын алған пуқараларға берилген жеңилликлерге де тоқтап өтсеңиз?
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-июльдеги «Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумысларды жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм басқа нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға коммерциялық банклер тәрепинен бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры қаржылары есабынан жеңиллетилген микрокредитлер ажыратылады. Мийнет уйымлары кеминде 6 ай әмел ететуғын мүддетке мийнет гүўалығын рәсмийлестирген, өзин-өзи бәнт еткен пуқараларға жеңиллетилген микрокредитлер ажыратыў ушын коммерциялық банклерге усыныс береди. Оларға ажыратылған кредитлер өзин-өзи бәнт еткенлердиң жумысын жолға қойыўда ҳәм раўажландырыў мақсетинде бериледи. Бул халқымыз ушын жаратылған колайлы имканиятлардың бири десек, қәтелеспеген боламыз. Әсиресе, бул үйинде отырып дийқаншылық, шарўашылық пенен шуғылланып, мийнети арқалы дәрамат таўып атырған пуқараларға қол келеди...
Әлбетте, бул илажлар өзин-өзи бәнт етиўде пуқараларды исбилерменлик ҳәм мийнетке ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға кеңнен тартыўда әҳмийетли болып табылады.
Сәўбетлескен:
А.ОРАЗОВ,
арнаўлы хабаршымыз.