ТАЯРЛЫҚ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛМАҚТА
Жаздың мыс қайнаған ыссылары өтип, үлкемизде алтын гүз мәўсими ҳүким сүрмекте. Және бираздан соң қылышын сүйреп қыс та келеди.
Демек, ҳаўа-райының бузылып, күнлердиң салқын тартатуғыны, қатты суўықлардың басланыўы тәбийғый. Солай екен, халық хожалығының барлық тараўларында гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларының да ҳәўиж алатуғыны турған гәп.
Соны айрықша атап өтиў керек, бул мапазда өрт қәўипсизлиги хызметкерлериниң де жумыслары көбейеди. Ҳәзирги күнлерде Нөкис қаласында жайласқан көп қабатлы турақ жайлардың гүзги-қысқы мәўсимге таярлығы, олардағы өрт қәўипсизлиги жағдайлары бөлимимиз хызметкерлери тәрепинен көзден өткерилмекте. Тексериў барысында анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажлары көрилип, үй ийелерине ескертиўлер берилмекте ҳәм түсиник жумыслары алып барылмақта. Әлбетте, бундай илажлар өз нәтийжесин берип, жүз бериўи мүмкин болған өрт ҳәдийселериниң алдын алады, деп ойлаймыз.
З.АТАБАЕВ,
«Тақыятас ЖЭС» АЖ ӨҚБ аға инспекторы, аға сержант.
СҮЎРЕТТЕ: тексериў жумысларынан көринис.