«РЕҢЛЕР ЖЫЛЎАСЫНДА — АНА ДИЯР»
Үлкемиздиң бийтәкирар тәбиятын сәўлелендирген пейзажлар, атызларда жетилискен баў-бағша өнимлери, гүлзарлардан үзилген түрли гүллерди сәўлелендирген натюрмортлар, бүгинги күни халқымыздың мақтанышына айланып, ертеңги келешегимизге мийрас болып қалады.
Жақында Өзбекстан Көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында ғәрезсизлигимиздиң жигирма сегиз жыллық байрамына бағышланған қыл қәлем ийелери художниклердиң дөретпелеринен ибарат болған «Реңлер жылўасында Ана дияр» атамасындағы көргизбе болып өтти.
Көргизбениң тийкарғы мақсети жасларды Ўатанды улығлаўшы ҳәм жырлаўшы шығармалары менен жақыннан таныстырыў, көп миллетли халқымызды, әсиресе, гөззаллық дүньясына шақырып, оларды Ана-Ўатанымызға муҳаббат руўхында тәрбиялаўдан ибарат.
Көргизбени Өзбекстан Көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы У.Өтегенова ашып, елимиздиң мәдений байлығын картиналарда сәўлелендирип, оларды дүнья жүзине танытыўда өзлериниң үлесин косып атырған жас ҳәм талантлы художниклердиң жумысларына табыс тиледи.
Көргизбеден Қарақалпақстан халық художниги Ж.Лепесовтың «Алоэ менен натюрморт», «Қаўын ҳаққында гүрриң », «Яр-яр айтаман», Өзбекстан Көркем өнер Академиясының ағзасы, академик С.Байбосыновтың «Басқур фонындағы натюрморт», « Ылақ ойыны», Б.Айтмуратовтың «Той нама алыў», А.Ражабовтың «Самарқанд, Шаҳизинда», А.Матжановтың «Омар Ҳайям даналығы» ҳәм басқа да жас художниклердиң ҳәр түрли мазмундағы дөретпелери орын алған.
З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.