КӨК КӨЙЛЕК ТАРИЙХЫ
Қарақалпақ ҳаял-қызларының миллий кийими болған көйлеклерине жүдә итибар менен қараған. Көйлеклерди пашшайыдан, бөзден тигип, жағасын болса қара ушыға ямаса қызыл ушыға таўарға нағыслар салып, дөгереклерин жипек сабақлар менен жийеклеген.
Көйлеклердиң материалы, ислениў техникасына қарай пашшайы көйлек, көк көйлек, шатыраш көйлек сыяқлы түрлери болған.
Бул көйлеклердиң ишинде алдына толығы менен шырайлы нағыслар түсирилген көк көйлек таң қаларлық гөззаллық пенен ҳақыйқый көркем жетикликтиң үлгиси болып табылады. Көк көйлек келиншектиң ҳәм жас ҳаялдың кийими. Көк көйлектиң таўары беккем, нағысы қурамалы. Ол қолдан тоқылған көк гезлемеден тигилген. Көйлектиң тийкары болмыш реңли сабақты бояў ушын көк реңли бояў уллы Жипек жолы кәрўанлары арқалы буйыртпа менен алдырылған. Айырым мағлыўматларда болса, қызыл жыңғылдың бүршигинен, қарамықтан алынған. Көйлек толық пахтадан тоқылады. Пахта дәслеп шығыршық арқалы шигиттен айырылады. Соң шарық пенен жиби ийирилип, қозақта таўар болып тоқылады.
Қарақалпақ ҳаял-қызларының көк көйлеги Орта Азияның басқа халықларында ушыраспайды. Бул да халқымыз тарийхының өзиншелигиниң бир белгиси болса керек. Усындай көйлектиң бир данасы Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде сақланып атыр. Бул көк көйлекти өз қолы менен Наженова Несийбели апамыз 5 жыл кестелеген, үстилерин саўыт нағыслар менен безеген. Бул нағысланған көк көйлек ҳақыйқатында да саўытты көз алдымызға елеслетеди. Буны саўға ретинде 1991-жылы музейге қызы Улдай апа тапсырды.
Бектурған қызы Несибели 1912-жылы Қанлыкөл районында туўылған. Ол жас ўақтынан баслап өнерге қызығыўшаң болған. Сол ўақытлары аўылларға жипек сабақ сатыўшы саўдагерлер тез-тез келип турған. Улдай апаның айтып бериўи бойынша Несибели апаның әкеси Бектурғанның 2 қара малы болған. Сыйырымды сатып сабақ әперемен деп жүрген гезде бир сыйырын қасқыр жеп кеткен. Соған қарамай қызының өнерге деген ықласын қайтармай жалғыз сыйырын сатып сабақ алып берген. Сол екен Несибели апа 14 жасынан баслап тоқый баслаған ҳәм 5 жыл даўамында тоқып 19 жасында питкерген.
Ол заманда усы көк көйлекти Несибели ападан узатылатуғын қызлар алып кийип турған. Бул көйлек ең киши қызы Улдайханға берилген. Көйлектиң музейге тапсырылыўы да өз алдына тарийхқа ийе. Яғный, 1991-жылы көк көйлекти ел басшылары сорағанда Улдайхан бергиси келмеген. Бул көйлектиң музейге тапсырыўына Несибели апаның урыўлас иниси шайыр, халық жазыўшысы Әденбай Тажимуратов «көк көйлекти музейге тапсыр, сениң апаңның талантын, өнерин халық көреди» деген сөзи түртки болады. Бул сөзлерден кейин 1991-жылы Наўрыз байрамы күни Улдайхан көк көйлекти музейге, сол ўақыттағы музей директоры Атағулла Қудайбергеновке тапсырады.
Ҳәзирги ўақытта бул көк көйлек музейдиң бийбаҳа экспонаты болып, музей көргизбесинен орын алған. Музейге келген ҳәр бир тамашагөй бул көйлекти көрип, оның нағысларына, нағыслаўда пайдаланған жипек сабақлардың үйлесимлигине таң қалады.
Гүлсара Тәжимуратова,
Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң аға илимий хызметкери.